Парламенттиң төменги палатасының гезектеги мәжилисинде «Суў ҳәм суўдан пайдаланыў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Нызамына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары депутатлар тәрепинен биринши оқыўда көрип шығылды.
Нызам жойбары менен мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымларының суўға байланыслы қатнасықларды тәртипке салыў тараўындағы ўәкилликлери күшейтилмекте.
Сондай-ақ, кәрханалар, шөлкемлер, мәкемелер ҳәм пуқараларға суў объектлериниң суўды қорғаў ҳәм санитариялық-қорғаў зоналарының режимин бузыў қадаған етилетуғыны белгиленип, жер асты суўларына қудықларды бураўлаў Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленген тәртипке муўапық, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети тәрепинен берилетуғын рухсатнама тийкарында әмелге асырылыўы тәртиби киргизилди.
Депутатлардың пикиринше, нызам жойбарының қабыл етилиўи суўды үнемлейтуғын суўғарыў технологияларын енгизиўди жеделлестириў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыўға, суў хожалығы объектлеринен пайдаланыўда мәмлекетлик-жеке меншик шериклик принциплерин енгизиў ҳәм мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлерин азайтыўға хызмет етеди.
«Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбары да халық ўәкиллери тәрепинен биринши оқыўда додаланды.
Усы реже жойбары менен Жынаят-процессуал, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, Пуқаралық процессуал, Экономикалық процессуал және Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекслеринде апелляция ҳәм кассация даўаларының мазмунында ҳәм қайтарыў тийкарларында нәзерде тутылған бюрократиялық тосқынлықлар сапластырылмақта.
Нызам физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға, олардың артықша қәрежетлерин үнемлеўге, мәмлекеттиң халықаралық рейтинглердеги абырайын арттырыўға және нызамшылықтағы айырым бослықлардың сапластырылыўына хызмет етеди.
Депутатлар Олий Мажлис Нызамшылық палатасының күн тәртибиндеги гезектеги мәселе – «Өзбекстан Республикасының Пуқаралық процессуал кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын биринши оқыўда көрип шықты.
Нызам жойбары менен Пуқаралық процессуал кодексинде жаңа институт енгизилмекте. Оған бола, әпиўайыластырылған тәртипте ис жүргизиў егер даўаның баҳасы юридикалық тәреплерге – базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен, жеке тәртиптеги исбилерменлерге болса – он есесинен, пуқараларға болса – бес есесинен артпаса, даўа арзалары бойынша ислер әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибинде көрип шығылыўы зәрүр екенлиги белгиленбекте.
Сондай-ақ, әпиўайыластырылған ис жүргизиў тәртибиндеги ис даўа арзасын ис жүргизиўге қабыл етиў ҳәм ис қозғатыў ҳаққында ажырым шығарылған күннен баслап жигирма күннен артпаған мүддетте көрип шығылыўы нәзерде тутылмақта.
Нызам жойбары депутатлар тәрепинен қабыл етилди.
Нурилло НАСРИЕВ,
ӨзАның хабаршысы