Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық глобал бирге ислесиў» атамасындағы халықаралық форумда қатнасыў ушын елимизге келген Парламентлераралық аўқамның Бас хаткери Мартин Чунгонг пенен ушырасты.

Сөйлесиўде елимиз тәрепинен Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў, инсан ҳуқықларын ҳәм гендер теңликти тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар додаланды.

Парламентлераралық аўқамның Бас Хаткери Өзбекстандағы реформаларды жоқары баҳалады. Атап айтқанда, Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 75-сессиясында Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде парламентлердиң ролин арттырыў ҳаққындағы Бас Ассамблеяның арнаўлы резолюциясын қабыллаў басламасын алға қойғаны айрықша атап өтилди.

Жоқары мәртебели мийман Бухарада болып өтетуғын «Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық глобал ислесиў» атамасындағы халықаралық форумның әҳмийети ҳаққында өз пикирин билдирди.

Ушырасыўда Өзбекстан менен Парламентлераралық аўқам арасындағы бирге ислесиў мәселелери көрип шығылды. Елимиздиң Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўдеги жетискенликлери, парламенттиң мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте жумыс алып барып атырғаны, инсан ҳуқықларын қорғаў, гендер теңликти тәмийинлеў бойынша әмелге асырылған жумыслар атап өтилди.

– Өзбекстан Парламентлераралық аўқам жумысында өзиниң белсендилигин көрсетип атырғаны айрықша атап өтиўге ылайық,-деди Мартин Чунгонг.

Ушырасыўда елимиз БМШ резолюциялары ҳәм қарарларының әмелий орынланыўы, оларды әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди раўажландырыўға итибар қаратып атырғаны, Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында белгиленген ўазыйпалар БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине толық сәйкес екени атап өтилди.

Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
ӨзАның хабаршысы