Өзбекстан Республикасы Судьялар жоқары кеңеси ҳәм «Регионаллық қарым-қатнас» халықаралық мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми менен биргеликте «Суд ҳәкимияты ҳәм ғалаба хабар қураллары арасындағы қатнасық» темасында халықаралық дөгерек сәўбети болып өтти.
Илажда суд ҳәкимияты ҳәм ғалаба хабар қураллары арасындағы бирге ислесиў және қатнасықлардың ҳуқықый тийкары, бул бағдарда халықаралық ҳуқықый нормалар ҳәм сырт ел тәжирийбеси ҳаққында сөз етилди.
Халықаралық шөлкемлердиң Өзбекстандағы ўәкилханаларының басшылары, сондай-ақ, АҚШ Суд институтының директоры, ЮНЕСКОның ҒХҚ менен байланыслары бойынша координаторы (Канада), ҒХҚ ҳуқықы ҳәм этикасын үйрениў орайының директоры (АҚШ) ҳәм басқа да көплеген халықаралық экспертлер баянатлары менен қатнасты.
Жәмийеттиң раўажланыўын ашық-айдынлықсыз көз алдымызға келтирип болмайды. Суд-ҳуқық реформаларының ҳәзирги басқышында усы нормалар жаңа Өзбекстанның жәмийетлик турмысында айқын көринбекте. Бүгинги раўажланыў пәти суд системасы ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери арасындағы конструктивлик қарым-қатнасықлардың нәтийжелилигин арттырыўды талап етпекте.
Бул процессте суд ҳәкимияты ўәкиллериниң жәмийетшилик пенен ислесиў көнликпелерин және де қәлиплестириў қаншелли әҳмийетли болса, ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң ҳуқықый билимин арттырыў да соншелли әҳмийетли болып есапланады. Онда судьялар ҳәм журналистлер арасында конструктивлик қарым-қатнас орнатыў, әмелий бирге ислесиў айрықша әҳмийетке ийе.
Илажда қатнасқан халықаралық экспертлер тәрепинен суд ҳәкимияты ҳәм ғалаба хабар қураллары арасындағы қатнасықты тәртипке салыўшы халықаралық ҳүжжетлердиң мазмун-мәниси, суд жумысларын сәўлелендириў бойынша сырт ел тәжирийбеси, машқала ҳәм шешимлер ҳаққында баянатлар тыңланды.
Дөгерек сәўбетинде судлардың жумысының сәўлелениўинде суд еркинлиги ҳәм судьялардың қолқатылмаслығы, инсанның абырайы менен қәдир-қымбаты, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң исшеңлик абырайының қорғалыўына байланыслы мәселелер кеңнен додаланды.
ӨзА