Ташкент Орайлық Азия жетекши ҳаял-қызларының қарым-қатнасы шеңберинде шөлкемлестирилген «Орайлық Азия ҳәм Аўғанстанда турақлы раўажланыўға ҳаял-қызлардың экономикалық ҳуқықлары менен имканиятларын кеңейтиў» атамасындағы ири халықаралық форумға басшылық етти.
Форум Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Сенаты ҳәм Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Раўажланыў бағдарламасы (БМШРБ) тәрепинен Жәҳән банки ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки жәрдеминде шөлкемлестирилди.
Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев быйылғы жылы 22-февральда БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 46-сессиясында Өзбекстанда Орайлық Азия мәмлекетлери жетекши ҳаял-қызларының сөйлесиўин ҳәм ҳаял-қызлардың регионаллық бизнес-форумын өткериў басламасын алға қойған еди.
Оның әмелий көриниси сыпатында өткерилген форумда ҳаял-қызлардың исбилерменлигин раўажландырыў бойынша пикир ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасылды. Тиккелей қатнасықларды орнатыў, өз-ара бирге ислесиўдиң ең перспективалы бағдарларын анықлаў және Аўғанстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан ҳәм Өзбекстанның ҳаял-қызлары арасында бирге ислесиў ҳәм исбилерменлик шериклигин орнатыў бойынша әмелий сөйлесиўлер өткерилди.
Форумның жумысын басқарған Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоеваның алға қойылған идеялар, әмелге асырылып атырған нәтийжели жойбарлар бойынша ҳуқықый тийкарлар жаратыў бағдарында билдирген усынысы қатнасыўшылар тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Бул әмелге асса, идеяларды қолланыў механизмлери де жаратылады. Нәтийжели жойбарлар тоқтап қалыўдың алды алынады.
Форумда қатнасқан БМШ Бас хаткериниң жәрдемшиси, БМШРБ администрациясының жәрдемшиси ҳәм БМШРБның Европа ҳәм Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы бойынша Регионаллық бюросының директоры Миряна Сполярич Эггер ханым форумның экономикалық мәселелерине қаратылғаны менен үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти. Ҳаял-қызлардың исбилерменлиги бойынша дәстүрий бағдарлар емес, ал заманагөй, жоқары технологиялық тараўларға да итибар қаратылғаны дыққатқа ылайық. 2030-жылға шекем Өзбекстан гендер теңликке ерисиўди мақсет етип атырғанын болса хошаметлеймиз. Бул басламаны қоллап-қуўатлаймыз.
Эггер ханым Өзбекстанға сапары шеңберинде БМШРБ ҳәм Ҳүкимет арасындағы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарламаларын додалаў және БМШРБ Өзбекстанның социаллық бағдарланған, жасыл ҳәм турақлы раўажланыўды, әсиресе, «COVID-19» пандемиясы шараятында, қоллап-қуўатлаўға садықлығын тастыйықлаў ушын Өзбекстан Ҳүкиметиниң жоқары лаўазымдағы басшылары ҳәм шериклер менен ушырасыўлар өткереди. «Жумысқа мәрҳамат» моноорайына үскенелерди тапсырыў мәресиминде қатнасады.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы