Өзбекистан Республикасы Президентиниң пәрманы
2018-жылы пуқаралардың рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде толық дем алыўы ушын қосымша шараятлар жаратыў ҳәм дем алыс, байрам күнлеринен ақылға уғрас пайдаланыўы, сондай-ақ, ишки туризмди буннан былай да раўажландырыў мақсетинде:
- 2018-жылы төмендеги қосымша дем алыс күнлери белгиленсин:
2-январь – шийшемби;
20-март – шийшемби;
31-август – жума.
- 2018-жылы төмендеги дем алыс күнлери көширилсин:
6-январь – шемби 3-январь – сәршембиге;
17-март – шемби 19-март – дүйшембиге;
24 март – шемби 22-март – пийшембиге;
25-август – шемби 23-август – пийшембиге;
26-август – екшемби 24-август – жумаға;
8-сентябрь – шемби 3-сентябрь – дүйшембиге;
15-сентябрь – шемби 4-сентябрь – шийшембиге;
29-декабрь – шемби 31-декабрь – дүйшембиге.
- Төмендегилер:
бюджет шөлкемлеринде қосымша дем алыс күнлери ҳәр жылғы мийнет дем алысының даўамлылығын үш жумыс күнине қысқартыў есабынан қапланатуғыны, ҳәр жылғы мийнет дем алысы дәўиринде сақланатуғын орташа айлық мийнет ҳақы муғдарын есаплаўда мийнет дем алысының әмелдеги даўамлылығы есапқа алынатуғыны, оған усы пәрманның 1-бәнтине муўапық белгиленген қосымша дем алыс күнлери қосылатуғыны;
бюджет шөлкеми есапланбаған шөлкемлерде усы пәрманның 1-бәнтине муўапық қосымша дем алыс күнлери мийнет дем алысына қосымша басқа күнлер менен бир қатарда шөлкемниң қаржы имканиятларынан келип шыққан ҳалда, мийнет шәртнамалары ямаса жумыс бериўши тәрепинен кәсиплик аўқам комитети менен келисип қабыл етилетуғын басқа да ишки ҳүжжетлерде белгиленетуғыны;
ҳәр жыллық мийнет дем алысының даўамлылығы қысқартыўды есапқа алған ҳалда 15 жумыс күнинен кем болмаўы кереклиги белгилеп қойылсын.
- Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (А.Хаитов):
Өзбекистан Республикасы Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси (Қ.Рафиқов), Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (А.Абдуҳакимов), Қаржы министрлиги (Ж.Қўчқаров) ҳәм Экономика министрлиги (Б.Хўжаев) менен биргеликте хызметкерлердиң дем алыс ҳәм байрам күнлеринен ақылға уғрас пайдаланыўын тәмийинлеўди инабатқа алған ҳалда келеси календарь жылы ушын қосымша дем алыс күнлерин белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында ҳәр жылы 15-октябрьден кешикпей Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги (Ж.Қўчқаров) менен биргеликте Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси (Қ.Рафиқов) пенен келисе отырып, усы пәрманның қағыйдаларын есапқа алып, жыллық мийнет дем алысы ўақтында сақланып қалынатуғын орташа мийнет ҳақы муғдарын анықлаў бойынша инструкцияны бир ай мүддетте белгиленген тәртипте тастыйықласын;
ҳәр жылы 15-ноябрьге шекем келеси календарь жылы ушын жумыс ўақты календарын орнатылған тәртипте ислеп шықсын ҳәм тастыйықласын.
- Өзбекистан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (А.Абдуҳакимов) Өзбекистан жаслар аўқамы (Қ.Қуронбаев), Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси (Қ.Рафиқов), «Өзбекистан ҳаўа жоллары» МАК (У.Розуқулов) ҳәм «Өзбекистан темир жоллары» АЖ (А.Шукуров), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте дем алыс байрам күнлериниң созылыўын есапқа алған ҳалда, республика халқы ушын ишки туризм ҳәм белсенди дем алыў бағдарларын, транспорт ҳәм мийманхана хызметлери ушын шегирмелер берилиўин және акциялар өткерилиўин шөлкемлестирсин.
- Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар, қалалар ҳәм районлардың ҳәкимлери:
халықтың созылған байрам (дем алыс) күнлеринде кеўилли ҳәм пайдалы дем алыўын шөлкемлестириў бойынша системалы илажлар көрсин;
Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети (А.Абдуҳакимов) ҳәм Миллий телерадиокомпания (А.Хўжаев) менен биргеликте байрам күнлери өткерилетуғын илажлар ҳаққында халықты кеңнен хабардар етиўди тәмийинлесин.
- Өзбекистан Кәсиплик аўқамлары федерация кеңеси (Қ.Рафиқов):
мийнет жәмәәтлери арасында усы пәрманның мақсети, мазмун-мәниси туўралы түсиник жумысларын шөлкемлестириў;
созылған байрам күнлеринде хызметкерлердиң ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының кеўилли дем алыўын тәмийинлеў бойынша кәсиплик аўқамлары шөлкемлериниң жумысын жеделлестириў усыныс етилсин.
- Өзбекистан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (А.Хаитов) Әдиллик министрлиги (Р.Давлетов) менен биргеликте нызамшылыққа усы пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар ҳаққында еки ай мүддетте Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
- Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри А.А.Хаитовқа жүкленсин.
Өзбекистан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2017-жыл 28-декабрь
***
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «2018-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы Пәрманына ТҮСИНИК
Өзбекистан Республикасында халықтың жасаў абаданлығын ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў, хызметкерлердиң мийнет етиўине ҳәм дем алыўына қолайлы шараятларды жаратыў, олардың жоқары социаллық белсендилигин қоллап-қуўатлаў, ишки туризмниң ҳәм шаңарақлық дем алыстың ҳәр тәреплеме раўажландырылыўы есабынан елимиздиң тарийхый-мәдений байлығы, оның бийбаҳа тәбийғый ресурслары менен терең танысыў ушын пуқараларға имканиятлардың кеңейтилиўи бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Өзбекистан Республикасы Президентиниң «2018-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў дәўиринде қосымша жумыс исленбейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм дем алыс күнлерин көшириў ҳаққында»ғы пәрманы мәмлекетлик байрамлар ўақтында нызамшылықта белгиленген дем алыс ҳәм жумыс исленбейтуғын байрам күнлеринде пуқараларға толық ҳәм пайдалы дем алыў ушын қосымша шараятлардың жаратылыўын тәмийинлеўге қаратылған.
Сол мақсетте 2018-жылы Жаңа жыл, Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамларына туўра келген қосымша жумыс исленбейтуғын күнлер нызамшылықта белгиленбекте, сондай-ақ, айырым дем алыс күнлери усы байрам сәнелерине жақын болған жумыс күнлерине көширилиўи әмелге асырылмақта.
Нәтийжеде 2018-жылы байрам күнлеринде үзликсиз дем алыўдың даўамлылығы қосымша жумыс ислемейтуғын күнлерди белгилеў ҳәм айырым дем алыс күнлерди көшириў арқалы тәмийинленеди:
Жаңа жылға – 5 календарь күни (2017-жыл 30 ҳәм 31-декабрь – календарь бойынша дем алыс күнлери, 2018-жыл 1-январь – жумыс ислемейтуғын байрам күни, 2018-жыл 2-январь – қосымша жумыс ислемейтуғын күн, 2018-жыл 3-январь – 6-январьдан көширилген дем алыс күни);
Наўрыз байрамына – 5 календарь күни (18-март – календарь бойынша дем алыс күни, 19-март – 17-марттан көширилген дем алыс күни, 20-март – қосымша дем алыс күни, 2018-жыл 21-март – жумыс ислемейтуғын байрам күни, 22-март – 24-марттан көширилген дем алыс күни);
Ғәрезсизлик күнине – 5 календарь күни (2018-жыл 31-август – қосымша жумыс ислемейтуғын күн, 2018-жыл 1-сентябрь – жумыс ислемейтуғын байрам күни, 2-сентябрь – календарь бойынша дем алыс күни, 3-сентябрь – 8-сентябрь шемби күнинен көширилген дем алыс күни, 4-сентябрь – 15-сентябрьден көширилген дем алыс күни).
Жаңа жыл, Наўрыз ҳәм Ғәрезсизлик байрамлары күнлерине қосымша жумыс исленбейтуғын күнлердиң белгилениўи мийнет дем алысы даўамлылығы үш жумыс күнине қысқартылыўы есабынан қапланатуғыны нәзерде тутылмақта. Онда:
Өзбекистан Республикасы Мийнет кодексиниң 134-статьясында белгиленген мийнет дем алысының ең аз даўамлылығы (15 жумыс күни);
мәмлекетлик байрамларға туўра келген, белгиленген мийнет дем алысының қосымша жумыс ислемейтуғын күнлерин қосыў жолы менен хызметкерге жыллық мийнет дем алысы даўамлылығына берилиўи тийис болған төлемлер муғдарының сақланаўы тәмийинленеди.
Буннан тысқары, халқымыздың руўхый турмысында уллы мәртебелик, миннетдаршылық, жақсылық, мийрим-шәпәәтлик, аўызбиршилик пазыйлетлериниң белгилениўинде муқаддес Қурбан ҳайыт ҳәм Рамазан ҳайыт байрамларының зәрүрлигин ҳәм әҳмийетин инабатқа алған ҳалда, миллий-руўхый қәдриятларымызды арттырыў және сақлап қалыў мақсетинде 2018-жылдан баслап айырым дем алыс күнлерин байрам күнлерине жақын болған жумыс күнлерине көшириў есабынан үзликсиз үш күнлик дем алыс күнлериниң белгилениўи нәзерде тутылмақта.
Хызметкерлер тәрепинен пәрман менен белгиленген үзликсиз дем алыс күнлеринен нәтийжели пайдаланыўды тәмийинлеў мақсетинде шаңарақлық дем алысты шөлкемлестириў илажларының әмелге асырылыўы, соның ишинде, ишки туризм маршрутларын жетилистириў ҳәм елимиздиң тарийхый-мәдений орынларына сапар етиўди республикалық пансионат ҳәм дем алыў үйлеринде созылған дем алыс күнлерин өткериў тилегин билдирген хызметкерлерге, олардың шаңарақ ағзаларына мийманхана ҳәм транспорт хызметлерине шегирмелер системасын енгизиў нәзерде тутылмақта.
Онда Мийнет кодексиниң 131-статьясында белгиленген байрам (жумыс исленбейтуғын) күнлерине туўра келген ҳәпте күнлериниң өзгериўин инабатқа алған ҳалда байрам сәнелерине байланыслы болған дем алыс күнлеринен үзликсиз ҳәм нәтийжели пайдаланыў мақсетинде сол күннен баслап айырым дем алыс күнлерин байрам күнлерине туўра келген жақын жумыс күнлерине көшириў бойынша ҳәр жылы белгиленетуғын сәнелерди көшириў тәртиби, сондай-ақ, жумыс ўақтының Календарын ислеп шығыўда ҳәм тастыйықлаўда ҳәр қыйлы жумыс режимлеринде жумыс күнлери және саатларының саны белгилениўи менен енгизилмекте.