20-27-июнь күнлери Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында бокс бойынша жаслар арасында Өзбекстан кубогы жарысы өткериледи. Бул ҳаққында Өзбекстан бокс федерациясы баспасөз хызмети хабар берди.

 

Жарыста Өзбекстанның ҳәр қыйлы аймақларынан 300 ден аслам спортшылар сыйлы орынлар ушын күш сынасады.

 

Атап өтиў керек, бундай жарыс Нөкис қаласында биринши мәрте шөлкемлестирилмекте. Жарыслар 2003-2004-жылларда туўылған боксшылар арасында болып өтеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.