Жақында Ташкент қаласында болып өткен жеңил атлетика бойынша үлкен жастағы ҳаял-қызлар арасында Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Россия мәмлекетлериниң спортшылары қатнасқан Өзбекстан ашық чемпионатында Нөкис қаласындағы 9-санлы мектептиң 10-класс оқыўшысы Анастасия Сологуб 800 метр аралыққа жуўырыўда сыйлы екинши орынды ийелеп, жоқары оқыў орнына имтихансыз кириў имканиятына ийе болды.
Анастасия бул көрсеткиши менен Өзбекстан Жеңил атлетика федерациясының 7-18 бағдарламасына кирди ҳәм енди ол усы жыл ноябрь айында Қытайда болып өтетуғын Азия чемпионатына қатнасыў ҳуқықын қолға киргизди. Өзиниң тынымсыз мийнети нәтийжесинде Өзбекстан спорт шеберлигине талабан дәрежесин орынлады.
Спортшының устазы Қарақалпақстан Республикасы жеӊил атлетика бойынша сайланды командасының аға тренери Олег Анатольевич Колесников, мектептеги устазы Галина Викторовна Колесникова болып табылады.
Жарыс жеңимпазына Өзбекстан Республикасы Туризм ҳәм спорт министрлигиниң арнаўлы дипломы ҳәм баҳалы саўғалары тапсырылды.
Г. ЖАРТЫБАЕВА,
Ф.РЕЙМБАЕВА
ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 2-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги