Өзбекстан Республикасының «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат ҳаққында»ғы нызамы, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-декабрьдеги Олий Мажлиске Мүрәжаты ҳәм 2020-жыл 30-июньдеги «Өзбекстан Республикасында жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты түп-тийкарынан реформалаў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы талапларынан келип шығып, мәмлекетлик бажыхана комитети системасында хызмет етип атырған ең белсенди жас бажыханашыларды анықлаў ҳәм мүнәсип сыйлықлаў мақсетинде комитет тәрепинен быйыл биринши мәрте «Жылдың ең белсенди жас бажыханашысы» таңлаўы шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасында усы таңлаўдың биринши басқышы шеңберинде системада жумыс ислеп атырған жас хызметкерлер еки бөлимде сынақтан өтти.

Биринши бөлимде олардан жәмийетлик-сиясий билимлери бойынша тест сынақлары қабылланып, екинши бөлимде «Мениң идеям» концептуаллық жойбары шеңберинде системада «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат»тың әмелге асырылыўы, бар машқалалардың шешими бойынша презентациялары тыңланды.

Таңлаўда «Қарақалпақстан» темир жол шегара бажыхана посты инспекторы Дүрдана Исмаилова биринши, «Даўыт-ата» шегара бажыхана посты инспектор-сорастырыўшысы Сәрдар Асадов екинши, басқарманың жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиў топары аға инспекторы Юлдуз Қудиярова үшинши орынды ийеледи.

Көтериңки руўхта өткерилген илаж жуўмағында жеңимпазлар мүнәсип түрде сыйлықланып, таңлаўдың мәмлекетлик бажыхана комитетинде өткерилетуғын кейинги басқышына жоллама алды.

Жеңимпазларды сыйлықлаў мәресиминде Мәмлекетлик бажыхана комитети баслығының кеңесгөйи Ҳ.Азизов ҳәм басқарма басшылары қатнасып, жас хызметкерлерди «Жаслар айлығы», жақынласып киятырған «Жаслар күни» менен қызғын қутлықлап, жумысларында тасқын табыслар тиледи.

Жасларға қаратылып атырған бундай итибар ҳәм билдирилген исеним олардың өз хызмет ўазыйпаларын және де үлкен жуўапкершилик пенен атқарып, мәмлекетимиздиң экономикалық қәўипсизлигин тәмийинлеўде өзлериниң мүнәсип үлесин қосыўына үлкен мүмкиншилик жаратады.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги