Қылышласыў спорты бойынша Токиода болып өтетуғын жазғы Олимпиада ойынларына қатнасыўшы және бир спортшымыздыӊ бири бул Шерзад Мамутов болып табылады.
2002-жылдыӊ 5-июнь сәнесинде Азамат Кошбаев ҳәм Замира Қудайбергенованыӊ шаӊарағында дүньяға келген Шерзад 2016-жылдан баслап Олимпиада ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебинде тәжирийбели тренер Дәўирбек Жийемуратовтыӊ басшылығында шынығыўларға қатнаса баслайды.
Өзиниӊ мийнет сүйгишлиги ҳәм шаққанлығы арқасында қылышласыў спортыныӊ әлўан түрли сырларын үйренген Шерзад өз қатарлары арасында өткерилген республика ҳәм мәмлекет чемпионатларында жеӊимпазлықты қолға киргизип, халықаралық жарысларда да өз шеберлигин көрсетиўге миясар болады.
Атап айтатуғын болсақ ол, 2018-жылы Қытайдыӊ Уси қаласында болып өткен Азия чемпионатында 2-орын, август айында Тайландтың Бангкок қаласында өткерилген Азия чемпионатында 3-орын, 2019-жылдыӊ февраль айында Иорданияныӊ Оман қаласында болып өткен Азия чемпионатында 3-орынды ийелеп, халықаралық дәрежедеги спорт шебери нормативин орынлайды ҳәм 2020-жылы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине имтихансыз оқыўға қабылланады.
Ал, 2021-жылы болса, ол Болгарияныӊ Пловдив қаласында өткерилген халықаралық жарыста 1-орынды ийелеп, республикамыздағы спорт ықласбентлерин қуўанышқа бөледи.
Әсиресе, оныӊ усы жылдыӊ 25-26-апрелъ күнлери Ташкент қаласында болып өткен Токио Олимпиадасына жоллама бериўши Азия-Океания мәмлекетлериниӊ лицензиялық жарысында алтын медальды қолға киргизиўи Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан спорты тарийхына зер ҳәриплер менен жазылып қалды, десек асыра айтқан болмаймыз. Себеби, усы ўақытқа шекем Өзбекстан тарийхында қылышласыў спортыныӊ сабля бағдары бойынша ҳеш бир спортшы Олимпиада жолламасын қолға киргизбеген еди.
Бизиӊ жерлеслеримиз Шерзад Мамутов пенен Зайнаб Дайыбекова өзиниӊ усындай жетискенлиги менен елимиз спорты тарийхында мәӊги мөрленип қалмақта.
Ҳәзирги күнлери Шерзад Мамутов Зайнаб пенен биргеликте Токиода болып өтетуғын Олимпиада ойынларында алтын медальды қолға киргизиў ушын қызғын таярлықлар көрмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги