Жаслар дөретиўшилик сарайында 15-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң сыйлығы ушын «Ташаббус-2021» таңлаўының мәмлекетлик басқышы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Дәстүрий түрде өткерилип киятырған бул таңлаў быйыл барлық район ҳәм ўәлаятларда «Раўажланыўға қарай қәдем» сүрени астында шөлкемлестирилди. Таңлаўдың мәмлекетлик басқышы көргизбесиниң ашылыў мәресиминде төменги басқышларда жеңимпаз болған 70 ке шамалас исбилермен, фермер ҳәм өнерментлер өз өнимлерин мийманларға көрсетти.

Таңлаўдың жуўмақлаўшы басқышының жеңимпазлары «Санаат тараўында жылдың ең жақсы исбилермени», «Хызмет көрсетиў тараўында жылдың ең жақсы исбилермени», «Жылдың ең жас исбилермени», «Жылдың ең жақсы фермери», «Жылдың ең жақсы өнерменти» сыяқлы 5 тийкарғы номинация бойынша анықланды. Соның менен бирге қатнасыўшылар арасынан «Жылдың ең жақсы исбилермен ҳаялы» номинациясы бойынша жеңимпаз сайлап алынды.

Сондай-ақ, мәресимде «Ең жақсы «Start-Up» жойбар», «Ең жақсы инвестициялық жойбар», «Жасларға ең көп жумыс орны жаратқан исбилермен», «Ең жақсы шаңарақлық бизнес ийеси», «Ең жақсы экспортшы», «Ең жақсы миллий бренд», «Ең жақсы исбилерменлик кластери», «Ең жақсы көргизбе презентациясы ушын», «Интернет технологиялары тараўындағы ең жақсы исбилермен», «Туризм тараўының раўажланыўына қосқан үлеси ушын», «Жылдың ең жақсы өними», «Мәҳәллениң раўажланыўына ең көп үлес қосқан исбилермен» номинациялары бойынша да жеңимпаз исбилермен ҳәм фермерлер анықланды.

Жеңимпазларға «Nexia-3» автомобили, статуэтка ҳәм арнаўлы диплом, сыйлы орын ийелерине диплом ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды.

– Еки жүз түрдеги ерлер кийимин ислеп шығарып, ишки базарға жеткерип берип атырмыз. Өнимлеримиз импорттың орнын басады. Қоңсы мәмлекетлер, сондай-ақ, Россия ҳәм Украинаға экспорт етип атырмыз,-дейди «Urgut sanoat servis» шаңарақлық кәрханасының басшысы, «Жылдың ең жақсы жас исбилермени» номинациясы жеңимпазы Фазлиддин Салимов. – Таңлаўдың дәслепки күни өткерилген көргизбеде көплеген жас исбилерменлерди бақладым, пикир алыстық. Ҳақыйқый жетискенлик бул республикамыз көлеминде устазлар итибары ҳәм исилермен дослар арттырыў, жаң тәжирийбе ҳәм идеяларға ийе болыў. Тән алыўдан жүдә қуўанышлымыз. Бул бизди жаңа шеклерге ийтермелейди.

 

Ю.ЎРМОНОВА

ӨзАның хабаршысы