Усы жылдың апрель айында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы «Ҳаяллар қанаты»ның @МТАуоllarmurojaatiBot каналына Хожели районы «Сүўенли» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 40-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыўшыларынан дүзилген волейбол командасының сәрдары Зарина Жумабаевадан мүрәжат келип түскен еди.

Мүрәжатында атап өтилгениндей, жақында бул команданың ағзалары волейбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы көлеминде өткерилген жарыста биринши орынды ийелеген. Енди олар жақында Жиззақ ўәлаятында болып өтетуғын Өзбекстан бириншилигине таярлық көрмекте. Деген менен, жарысқа таярланыў ушын зал талапқа жуўап бермейди, соның менен бирге спорт кийимлери де тозған.

Споршы қызлар тәрепинен келип түскен мүрәжат партиядан сайланған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Табассум Рузметова, халық депутатлары Хожели районлық Кеңесиниң депутаты Дилбар Ранова, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Хожели районлық Кеңесиниң атқарыўшы хаткери Жолмурза Мамутовлардың қатнасында үйренип шығылды.

Үйрениў барысында мәлим болғанындай, команда ағзалары ҳақыйқатында Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан көлеминде өткерилип киятырған жарысларға турақлы қатнасып, жақсы нәтийжелерге ерисип келмекте. Команда тренери Бекмурат Мәмбетовтың атап өткениндей, жоқарыдағы машқалалар бойынша бир нешше орынларға мүрәжат етилген. Бирақ усы күнге шекем унамлы шешимин таппаған. Егерде команда ағзаларына жетерли шараятлар жаратылып берилсе, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиў имканияты бар.

Депутатлар олардың машқалаларын үйренип шығып, 12 спортшы қызға волейбол топлары ҳәм спорт кийимлерин тапсырды. Шынығыўлар өткериў ушын Хожели районындағы Әбу Әли Ибн Сино атындағы Жәмийетлик саламатлық техникумының спорт залы алып берилди.  Солай етип, спортшы қызлардың мүрәжаты унамлы шешимин тапты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы