Президент «Өзбекстан Республикасының пуқаралығы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды.
Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» каналының хабарына бола, нызамға идентификациялаўшы ID -картасы» түсиниги киргизилди.
Өзгерислерге бола, 2005-жыл 1-январьға шекем Өзбекстанда турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынған ҳәм бурын сырт мәмлекет пуқаралығында болмаған шахс өтиниш еткен жағдайда, Өзбекстан пуқарасы деп тән алынады.
Сондай-ақ, ата-анасынан биреўи (жалғыз әкеси ямаса анасы) Өзбекстан пуқарасы деп тән алынған, сырт мәмлекет пуқаралығын қабыл етпеген ҳәм Өзбекстанда жасап атырған бала өтиниш еткен жағдайда, Өзбекстан пуқарасы деп тән алынады.
Нызамға бола, буннан былай Өзбекстан пуқарасы деп тән алыў ушын фактлерди тастыйықлаўшы ҳүжжетлер болмаған жағдайда, арза бериўши усы фактлерди суд тәртибинде анықлаўы мүмкин.
Буннан тысқары, Өзбекстан аймағында туўылған ҳәм жасап атырған пуқаралығы болмаған шахслар Өзбекстан пуқаралығын алыў мақсетинде өтиниш пенен мүрәжат еткен күнге шекем 5 жыл даўамында (пуқаралығы болмаған шахсқа жасаў гүўалығы алынған күннен баслап) үзликсиз жасаў шәрти бийкар етилетуғыны белгиленди.
Бул Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
ӨзА