Усы жылдың 8-13-июнь күнлери спорт гүреслери бойынша Польша мәмлекетиниң Варшава қаласында Жәҳән гүреслери бирлеспесиниң (UWW) жыллық жарыслар жобасына муўапық, алтын гран-при жарысы қатарына киретуғын “Poland Open” рейтинг турнири болып өтти.

Турнирге 82 килограмм салмақ категориясында қарақалпақстанлы палўан, грек-рим гүреси бойынша Токио Олимпиадасы лицензиаты Жалғасбай Бердимуратов та қатнасты. Дәслепки беллесиўинде жерлесимиз гилем ийеси, польшалы Иван Нилипиукке ҳеш қандай имканият қалдырмастан, 11-3 есабында жеңип шыққан болса екинши беллесиўинде қарсыласы эстониялы Ранет Калжолаға өзиниң күшли таярлық пенен келгенлигин көрсетип, 2-0 есабында жеңди. Шешиўши үшинши беллесиўде Жалғасбай Европа ҳәм жаслар арасында Жәҳән чемпионы, швециялы Алекс Мичел Кессидис пенен күш сынасты. Жерлесимиз бул беллесиўде де өз имканиятларын көрсетип, қарсыласы үстинен 5-1 есабында жеңиске еристи ҳәм алтын гран-при жарысы қатарына киретуғын “Poland Open” рейтинг турниринде 1-орынды ийелеп, өз нәтийжелери қатарына және бир чемпионлық титулын қосып қойды.

Бул ҳаққында бизге Жалғасбайдың тренери Рустам Ерназаров хабар берди.

Жарысқа спортшыны тренерлер Рустам Ерназаров, Равшан Рўзиқулов ҳәм Елмурат Тасмурадовлар таярлады.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.