Республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»на бағышлап спорттың жүзиў түри бойынша 2004-2005-2006-жыллары туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Қарақалпақстан чемпионаты  өткерилди.

Чемпионатқа қалалық ҳәм районлық басқышта жеңимпаз болған жүзден аслам спортшылар қатнасты.

Жарыс жуўмағында командалық есапта Республикалық суў спорты түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектеби  биринши, Нөкис олимпиада резервлери колледжи екинши, Шымбай районы спортшылары үшинши орынды ийеледи.

Жарыс жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги