Көпшиликтиӊ хабары болғанындай,  4-6-июнь күнлери Ташкент қаласында самбо бойынша ересеклер ҳәм жас өспиримлер  арасында Азия чемпионаты болып өткен еди.

Онда Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында бизиӊ республикамыздан да бир қатар спортшылар қатнасты.  Олардыӊ арасында Мийрибек Абдихаликов, Азада Аймуратова, Шахзада  Азатова,

Индира Елмуратовалар алтын , Ирада Гайипова, Айзада Абилқасымовалар гүмис , Сәнайым Еркинбаева Барно Жанназарова ҳәм Камила Төлегеновалар  қола  медальларын қолға киргизип, спорт ықласбентлерин қуўанышқа бөледи.

-Мен бул жарыста  +80 яғный, аўыр салмақ категориясында беллесиўлерге түсип, дәслеп тәжикстанлы, соӊынан өз командамыз қурамында ғы палўанларды жеӊип шықтым. Бирақ, үлкен жарысларда қатнасыўдағы азы-кем тәжирийбесизлигим себепли, қазақстанлы қарсыласымнан упайлар есабында жеӊилип қалдым,-дейди бизге Ирада Гайыпова.- Алдағы ўақытлары Монголияда болып өтетуғын жәҳән чемпионатына қатнасып, онда алтын медальды қолға киргизиўди мақсет еткенмен ҳәм тренерим Азамат Қаратаев пенен биргеликте бул табысқа жетисиў ушын ҳәрекет етип атырмыз.

Шынында да, өткен жылы Қоӊырат районындағы 38-санлы улыўма орта билим бериў мектебин тамамлаған бул жас өспирим қыз ушын Азия чемпионатында жеӊиске ерисиўи ҳәм самбо бойынша халықаралық дәрежедеги спорт шебери нормативин орынлаўы айрықша жетискенлик болып есапланады.

Еслетип өтемиз, спортшыларымызды бул жарысқа Р.Болтабаев, С.Юсупов. М.Пирниязов, Б.Досбергенов, А.Турданов, А. Қаратаевлар таярлады

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги