Нөкисте футбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының кубоги ушын жарыс болып өтти.

Онда Қарақалпақстандағы судлардың судьялары ҳәм суд хызметкерлери қатнасып, өзлериниң физикалық таярлығы менен шеберлигин көрсетти.

Еки күн даўам еткен жарыс жуўмағында жеңимпазлар анықланды. Финалда Қарақалпақстан Республикасы судының экономикалық судлаў коллегиясы ҳәм пуқаралық судлаў коллегиясы командалары ушырасты. Бул ушырасыўда экономикалық судлаў коллегиясы командасы 3:2 есабында жеңиске еристи. Сондай-ақ, «Ең жақсы дәрўазаман», «Ең жақсы ойыншы», «Топурар ойыншы» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.

Жарыс ҳәм номинация жеңимпазларына Қарақалпақстан Республикасы суды баслығының кубоги, диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги