Усы жыл 4-6-июнь күнлери аралығында Ташкент қаласында спорттың самбо түри бойынша үлкен жастағылар ҳәм жас өспиримлер арасында Азия чемпионаты өткерилди.

Дүньяның 12 мәмлекетинен спортшылар қатнасқан чемпионатқа, жерлесимиз шымбайлы Азада Аймуратова 59 килограмм салмақ категориясында қатнасып, биринши орынды ийеледи.

 

8-июнь күни Нөкис темир жол вокзалында спортшыны салтанатлы жағдайда күтип алыў мәресими өткерилди.

Оған кең жәмийетшилик ўәкиллери, Шымбай районы ҳәкимлиги, спортшының устазлары менен жақынлары қатнасты.

–  Шәкиртим Азадаға 7 жылдан берли устазлық етип келмектемен. Усы жыллар ишинде 5 мәрте Өзбекстан чемпионы болды. 2019-жылы жаслар арасында өткерилген Жәҳән чемпионаты қатнасыўшысы болды, – дейди спортшының тренери Махсуд Пирназаров. Ҳәзирги күнде Азада шәкиртим Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде билим алмақта.

А.Аймуратова усы жыл октябрь айында Монғолияда болып өтетуғын Жәҳән чемпионаты ушын жолламаны қолға киргизди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы