Денетәрбия ҳәм спортты халқымыз арасында кеӊнен ен жайдырыў, әсиресе, жаслар арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў ушын зәрүр шараятлар жаратыў, оларды халықаралық спорт жарысларында қатнасатуғын спортшылар етип таярлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 13-ноябрь күнги арнаўлы қарары менен Өзбекстан Республикасы Денетәрбиясы ҳәм спорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Экономика министрлиги, Қаржы министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилди.
Филиал 2018-2019-оқыў жылында 7 қәнигелик бойынша жәми 50 талабанды оқыўға қабыллап, билимлендириў бағдарындағы өз жумысын баслаған болса, қысқа ўақыт ишинде студент-жаслар спорт тараўында Қарақалпақстан, Өзбекстан ҳам халықаралық көлемдеги жарысларда бир қатар жетискенликлерге ериспекте.
Атап айтқанда, Өзбекстан сайланды командасы ағзасы, республика спорты тарийхында биринши болып филиалдыӊ «Спорт психологиясы» қәнигелигиниӊ 1-курс студенти Зайнаб Дайыбекова «2021-жылы Токио қаласында (Япония) болып өтетуғын ХХХII жазғы Олимпиада ойынларына спорттың қылышласыў түри бойынша қатнасыў лицензиясын қолға киргизди.
Сондай-ақ, 2019-жыл 13-15-май күнлери аралығында Ҳиндстанныӊ Нью-Дели қаласында спорттың самбо түри бойынша болып өткен Азия чемпионатында А.Ғаниев қарсыласларынан үстин келип, чемпион болыўға еристи. З.Баймуратова ҳәм Н.Шакировалар спорттыӊ көркем гимнастика түри бойынша халықаралық турнирде 2-орынды ийеледи. Ал, И.Юлдашев болса спорттың таэквондо түри бойынша Бирлескен Араб Әмирликлериниӊ Фужира қаласында болып өткен халықаралық турнирде 3-орынды алыўға еристи. Буннан басқа, О.Шарашениев, Д.Фархадов, А.Қыдырниязов спорттыӊ баскетбол түри бойынша, Е.Сарсенбаев спорттыӊ дзюдо түри бойынша Өзбекстан сайланды командасы қурамына ағзасы болыў дәрежесине еристи. Филиал студентлери арасында Өзбекстан Республикасы денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен Өзбекстан спорт шебери дәрежесин алған жасларымыздың қатары да күн сайын артып бармақта.
2019-2020-оқыў жылында 8 қәнигелик бойынша бакалавр бағдарына жәми 117 талабан оқыўға қабылланған болса, бүгинги күнде филиалда волейбол, баскетбол, футбол, гүрес, бокс, жүзиў, ескек есиў, көркем гимнастика, дзюдо, еркин гүрес, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде денетәрбиясы ҳәм спорт, спорт психологиясы бағдарларында спортшы жасларымыз филиалдың профессор-оқытыўшыларынан билим сырларын тереӊнен үйренип келмекте.
Соны да айрықша атап өтиў өтиўимиз орынлы, 2019-2020-оқыў жылынан баслап филиалда сыртқы ҳәм арнаўлы сыртқы бөлимлер ашылды. Онда бүгинги күнде жәми 97 студент билим алмақта. Жаӊа оқыў жылында гүрес, футбол, жүзиў ҳәм бокс қәнигеликлери бойынша студентлерди қабыллаў жолға қойылды.
2020-2021-оқыў жылында күндизги бакалавр бағдарына 12 қәнигелик бойынша жәми 306 талабан қабылланды. Ал, сыртқы ҳәм арнаўлы сыртқы бөлимге қабылланған талабанлар 165 ке жетти.
Ҳәзирги күнде филиалда өз кәсибине меҳир қойған 50 ге шамалас профессор – оқытыўшылар студент жасларға заман талабына сай тәлим-тәрбия берип келмекте.
-Бүгинги күнде филиалда 540 орынлық оқыў имараты болып, буннан басқа «Туран» спорт комплексинде 2 спорт зал, жасалма қапламалы 106х69 метрлик футбол майданы, 400 метрлик жасалма резина қапламалы 8 жуўырыў майданшалары бар. Буннан тысқары филиалымыз жәми 35 түрдеги 90 ға шамалас инвентарь ҳәм басқада техникалық және көргизбели қураллар менен тәмийинленген, – дейди Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының басасөз хаткери Мурат Тилеўбаев. –Және бир айтып өтетуғын унамлы басламалардың бири сырт ел әдебиятларын алыў ҳәм қарақалпақ тилине аўдарыў арқалы мәлимлеме-ресурс орайы фонды турақлы жаӊаланып барылмақта. Мәлимлеме-ресурс орайында китап оқыўшылары ушын керекли имканиятлар жаратылған. Буннан тысқары китапқумарлар дөгереги шөлкемлестирилген. Мәлимлеме-ресурс орайында сабақлық, оқыў қолланбалар, басқа түрдеги әдебий әдебиятлар орын алған. Филиалдың рәсмий сайты арқалы керекли әдебиятлар студентлердиӊ талабына бола онлайн жеткерилмекте. Орай тәрепинен жыл даўамында «Китап адамға, еӊ садық, еӊ дана, еӊ дилўар дос», «Жақсы китап оқығаның, жақсы адамға ушырасқаныӊ», «Тарийхымсаӊ, тәғдиримсеӊ, келешегимсеӊ, ана тилим» атамасында белгили сәнелерге арнап китап көргизбелери турақлы шөлкемлестирилип келинбекте. Сондай-ақ, «Жас китапқумарлар», «Reading club» клублары шөлкемлестирилген.
Қарақалпақстанда денетәрбия ҳәм спорт тараўында илимий-педагогикалық бирге ислесиўди және де раўажландырыў мақсетинде Беларусь Республикасыныӊ Полесс мәмлекетлик университети, Қазақстан Республикасыныӊ Кайнар академиясы ҳәм Хожа Ахмет Яссаўий атындағы халық аралық қазақ-түрк университети менен бирге ислесиў шәртнамалары дүзилген.
Елимизде физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахслардың спорт пенен шуғылланыўлары ушын зәрүр шараятлар жаратыў, олардың халықаралық спорт майданларында мүнәсип қатнасыўын тәмийинлеў ҳәм мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 18-май күни “Паралимпия ҳәрекетлерин раўажландырыўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.
Усы қарар тийкарында келеси 2021-2022-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис ҳәм Ферғана филиаллары ҳәм басқа тийисли жоқары оқыў орынларында “Паралимпия” кафедрасы, сондай-ақ, “Адаптив саламатландырыў, денетарбия ҳәм спорт ” магистратура қәнигелигин ашыў нәзерде тутылыўы келешекте филиалда спортқа қызығыўшылығы бар физикалық имканияты шекленген ҳәм майыплығы болған шахсларды да спорт түрлерине бағдарлаў, таярлаў, жоқары спорт шеберлигине ерисиўин тәмийинлеў мүмкиншлиги пайда болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги