Қарақалпақстан хабар  агентлиги усы -жылы Японияның Токио қаласында болып өтетуғын жазғы Олимпиада ойынларына  жолламаны  қолға киргизген қарақалпақстанлы  спортшылардыӊ басып өткен өмир жоллары ҳаққында жәмийетшиликке мағлыўматлар бериўди  даўам етеди.

Усындай спортшыларымыздыӊ бири,  жүзиў спорты бойынша жолламаны қолға киргизген және бир жерлесимиз Адилбек Юсупбаев болып табылады.

2002-жылдыӊ 5-апрель күни Алишер Фахратдинов ҳәм Жығагул Насированыӊ шаӊарағында  туўылған ол  пайтахтымыздағы 19-санлы мектепте оқып билим алады. Кишкенелигинен баслап жүзиў спортына ықлас қойған Адилбек 2014-жылдан баслап Олимпиада  ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектебиниң тренери Низаматдин Атамуратовтыӊ басшылығында  шуғылланыўлар алып барады. 2016-2021-жыл аралығында Нөкис қәнигелестирилген Олимпиада  резервлери мектеп-интернатында  тәлим алған ол  усы  жыллар аралығында  ҳәр қыйлы көлемдеги жарысларға қатнасып, өзиниӊ шеберлигин көрсете баслайды.

Атап айтқанда, Адилбек  2016-жыл 25-30-июнь күнлери Ферғана қаласында өткерилген ϴзбекстан чемпионатында 50 метр аралыққа  шалқасына   жүзиў усылында 3-орын, 2017- жыл 26-31-январь күнлери Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан чемпионатында 100 метр  аралыққа шалқасына жүзиў усылында 3-орын, 2017-жыл 25-30-апрель күнлери Хорезм ўәлаятында болып өткен  ϴзбекстан  Республикасы бәҳәрги чемпионатында 50 метр аралыққа шалқасына жүзиўде    2-орын, 2017- жылдыӊ 31-май-5-июнь күнлери Наўайы ўәлаятында өткерилген  ϴзбекстан Республикасы чемпионатында 50 метр аралыққа шалқасына жүзиўде  1-орын, 2017 жыл 8-11-сентябрь күнлери Ташкент қаласында болып өткен  IX-Азия чемпионатында 50 метр аралықта шалқасыа жүзиўде   2-орын, 2017-жылдыӊ 25-30-ноябрь күнлери Наўайы ўәлаятында   ϴзбекстан Республикасы ашық кубогинде   50 метр  аралыққа жүзиў бойынша 1-орын ҳәм 2019-жылдыӊ 24-сентябрь 2-октябрь күнлери Ҳиндстан мәмлекети Бингалури қаласында болып өткен Азия чемпионатында 50 метр аралыққа  шалқасына  жүзиў 2-орынды қолға киргизди.

Еӊ куўанышлы тәрепи Адилбек Юсупбаев 2021-жыл 12-17-апрель күнлери Ташкент қаласында 2003-жыллары туўылған  ҳәм оннан үлкен жастағы  спортшылар арасында өткерилген Өзбекстан Чемпионатыда 2-орынды  ийелеп, 2021-жылы Японияныӊ Токио қаласында болып өтетуғын Олимпиада ойынларына  жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.

Ол ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ Юридика факультетиниӊ 1-курсында оқып, тәлим алмақта.

Усындай үлкен табысларды қолға киргизип, ата-анасыныӊ, устазларыныӊ, тренерлериниӊ берген тәлим-тәрбиясын ақлап киятырған жерлесимиз Адилбек Юсупбаев 2021-жылы Токио қаласында өткерилетуғын Олимпиада ойынларында да жақсы нәтийжелерге ерисиўине тилеклеслик билдиремиз.

 

Зерхан Орақбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдарыныӊ 2-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги