1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни  мүнәсибети менен Қараөзек районында жас өспиримлер арасында спорттың аўыр атлетика түри бойынша жарыс өткерилди.

Буннан гөзленген тийкарғы мақсет – жаслардың бос ўақытларын мазмунлы өткериў, спорттың усы түриниң ғалабалығына ерисиў болып есапланады.

Жарыста 10 жастан 16 жасқа шекемги ҳәр қыйлы салмақ категориясындағы жаслар штанга көтериў бойынша өзлерин сынап көрди.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги