Өзбекстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша мәмлекетлик комитетиниң «Сайгачий» комплексли (ландшафт) буйыртпа қорықханасы аймақларына 20 дана фото-қақпан орнатылған еди.
Қорықхана мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, усы фото-қақпанлар жәрдеминде соңғы бес жылдан берли Үстирт тегисликлерине кирип келиўи тоқтап қалған, Өзбекстан Республикасының «Қызыл китабы» ҳәм Тәбиятты қорғаў Халықаралық аўқамының «Қызыл дизими»не киргизилген сайғақлар падасы анықланды.
Сондай-ақ, қорықхана аймағында жасайтуғын түлки, бүркит, ғаз сыяқлы ҳайўанатлар да фото-қақпанға түскен. Ҳәзирги ўақыттта мониторинг илажлары даўам етпекте.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.