Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университетиниң Ташкент қаласындағы филиалының жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген салтанатлы мәресимде ҳәр еки тәрептиң жуўапкерлери, илимпазлар, оқытыўшылар, студент-жаслар ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Абдужаббор Абдувоҳидов, Россия Федерациясы Президенти Сырт мәмлекетлер менен аймақлараралық ҳәм мәдений байланыслар бойынша басқарма баслығының орынбасары Антон Рыбаков, Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдуқодир Тошқулов, Россия Федерациясы Илим ҳәм жоқары билимлендириў министриниң орынбасары Дмитрий Афанасьев ҳәм басқалар еки мәмлекет арасындағы байланыслар барлық тараўлар сыяқлы илим ҳәм билимлендириў тараўында өз-ара бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етип атырғанын атап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-июньдеги «Ташкент қаласында «Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университети» Федерал мәмлекетлик бюджет жоқары билимлендириў мәкемесиниң филиалын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарарына бола, Ташкент қаласында 2019-2020-оқыў жылында Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университетиниң филиалы өз жумысын баслаған еди.

Бул филиал бакалавр ҳәм магистратура бағдарлары бойынша барлық дәрежедеги қәнигелерди таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыўға қәнигелескен. Филиал республиканың санаат тармақларындағы әҳмийетли илимий-технологиялық ўазыйпаларды шешиўге уқыплы болған жоқары маман инженер-техник кадрларды халықаралық билимлендириў стандартларына сәйкес түрде таярлайды. Соның менен бирге, бул жерде наноматериаллар химиялық технологиясы, материалтаныў ҳәм материалларды коррозиядан сақлаў, материалларды көркемлеп қайта ислеў технологиясы ҳәм санаат өндириси тараўларында фундаментал ҳәм илимий-әмелий изертлеўлер өткериледи.

Бүгинги күнде университеттиң Ташкент қаласындағы филиалында инглис тили ҳәм денетәрбия шынығыўларын жоқары маман жергиликли оқытыўшылар, қалған барлық арнаўлы пәнлер бойынша оқыўлар Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университетиниң профессор-оқытыўшылары тәрепинен алып барылады.

– Университетимиз тарийхында бул күн оғада әҳмийетли есапланады, – деди Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университетиниң ректоры Аленсандр Мажуга. – Биринши халықаралық филиалымызды аштық. Бул жойбарды төрт жыл алдын баслаған едик. Мине төрт жыл өтип, бул жерде заманагөй билимлендириў дәргайымызға ийе болдық. Россия ҳәм Өзбекстан басшыларына өз миннетдаршылығымды билдиремен. Себеби сизлердиң жәрдемиңиз себепли усындай нәтийжеге еристик.

Филиалдың имараты заманагөй дизайн ҳәм өзине тәнлиги менен адамның дыққатын тартады. Имарат оқыў-лаборатория, китапхана фонды, компьютер ҳәм басқа да оқыў үскенелери менен тәмийинленген. Филиал және үлкен баянатлар залы, 2 қабатлы лаборатория имараты, жабық спорт зал, 3 ашық спорт майданы, 200 орынға ийе асхана, 225 орынға ийе жатақхана ҳәм өз амфитеатрына ийе.

– Усы филиалдың ашылыўы «Өзхимиясанаат»тың талабын қаплаў ҳәм кадрлар жеткерип бериўге қаратылған. Ҳәзир бул жерде 200 ден аслам студент оқып атыр. Булар келешекте «Өзхимиясанаат» АЖ қурамындағы кәрханаларда ислейди. Филиалымыздың жаңа имараты пайдаланыўға тапсырылғанынан бәршемиз қуўанышлымыз. Бундай имканият топарымыз ҳәм студентлер ушын үлкен исеним болып есапланады, – деди Филиал атқарыўшы директорының оқыў ҳәм тәрбиялық ислер бойынша орынбасары Нилуфар Юнусова.

Илаж шеңберинде қатнасыўшылар бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты.

 

Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВА,

ӨзАның хабаршысы