Институт студентлери де «Жүўери гүртик күни»н жоқары кейпиятта белгилемекте

423

Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 25-февраль – Жүўери гүртик күни жоқары шөлкемлескенлик пенен өткерилмекте. Студентлер турақ жайы директоры Мийўагүл Қаллибекованың басламасы менен бул байрам үш жылдан берли турақлы түрде жоқары кейпиятта белгилениўи дәстүрге айланған,-деп хабар бермекте НМПИ баспасөз хызмети.

Институттың «Аргония» жуўапкершилиги шекленген жәмийети менен мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шөлкемлестирилген студентлер турақ жайында байрам мүнәсибети менен қарақалпақ халқының миллий тағамы – жүўери гүртик таярланды.

– Ҳәр жылы студентлер турақ жайында усы байрамды белгилеп, олар менен биргеликте жүўери гүртик таярлап, ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған үрп-әдет ҳәм дәстүрлер, қәдириятлар ҳаққында сәўбетлесемиз, өз-ара пикир алмасып, тарийхымыз және мәдениятымыз ҳаққында мағлыўматлар беремиз. Бул байрам ўәлаятлардан келген студентлер арасында да айрықша қызығыўшылық пайда етеди. Олар қарақалпақ халқының миллий тағамы жүўери гүртик ҳәм оның таярланыўы ҳаққында мағлыўматларға ийе болады. Әлбетте, бул байрам арқалы биз елимиздиң өзине тән мәденияты, тарийхы, салт-дәстүрлери ҳәм миллий тағамымыз есапланған жүўери гүртикти дүнья жүзине танытыўға үлес қосамыз,-дейди М.Қаллибекова.

Байрам кешесине институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Қ.Реймов қатнасып, жасларымыз арасында усындай миллийлигимизди үгит-нәсиятлаўға үлес қосып атырған студентлер турақ жайы жәмәәтине ҳәм педагог-тәрбияшыларына миннетдаршылық билдирди.

Байрам илажында институт студентлери миллий кийимлерде халқымыздың қыз-жигитлер айтысын өткерип, соның менен бирге, миллий дәстүрлеримиз, олардың тарийхы ҳаққында баҳалы мағлыўматларға ийе болды.

Илаж шеңберинде студентлер турақ жайы жәмәәти, жасы үлкен апалар ҳәм жаслар биргеликте миллий тағам – жүўери гүртикти таярлап, байрам дастурханына тартты.








Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2023-жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасында 25-февраль жәмийетлик баслама тийкарында «Жүўери гүртик күни» сыпатында халқымыз арасында кең түрде белгиленип келинбекте.

Ҳәр жылы усы сәнеде халқымыз үлкен аўызбиршилик үлгисин көрсетип, тек ғана шаңарақларда дастурхан әтирапында емес, соның менен бирге, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, кафе ҳәм ресторанларда да жоқары көтериңкилик пенен өткерилмекте.

Әлбетте, бундай басламалар ата-бабаларымыздан мийрас болып киятырған дәстүрлерди келешек әўладларға жеткериўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги