Китап оқыў қамақтағының жаза мүддетин қысқартады

Нызам жойбарына шолыў
Соңғы жыллары мәмлекетимизде қамақтағылардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин кепиллеў, жынаят-атқарыў нызамшылығын халықаралық ҳуқықтың жазаны орынлаў ҳәм қамақтағылар менен мүнәсибетте болыўға тийисли принциплери ҳәм нормалары менен үйлестириў бойынша системалы жумыслар алып барылмақта.
Бирақ нызамшылыққа алдыңғы сырт ел тәжирийбесин инабатқа алған ҳалда, қамақтағылардың нызамға бойсыныў минез-қулқын, инсанға, жәмийетке, мийнетке, жәмийет турмысы қағыйдалары ҳәм дәстүрлерине ҳүрмет қатнасығын қоллап-қуўатлаўға қаратылған нормаларды киргизиў зәрүрлиги пайда болмақта.
Усы мақсетте қамақтағыларды әдеп-икрамлылық жақтан дүзетиў нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған нызам жойбары ислеп шығылып, бул жойбар менен Жынаят кодексине китап оқыўға тартыў арқалы қамақтағыларды әдеп-икрамлылық жақтан дүзетиў бойынша жаңа 74/1-статья киргизилмекте.
Оған бола, тек ғана жаза мүддетин толық өтеўи керек болған қамақтағыларға тастыйықланған дизим бойынша 1 китап оқыған ҳәм белгиленген тәртипте имтихан тапсырған жағдайда жазасын 3 күнге қысқартыў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, бул кодекстиң 73, 74-статьялары тийкарында болса жазаны өтеўден мүддетинен алдын шәртли азат етиў ямаса жеңилиреги менен алмастырыў мәселесин шешиў ўақтында инабатқа алыныўы белгиленбекте.
Буннан тысқары, өзин-өзи тәрбиялаў жолы менен дүзелиў жолына өткенин тастыйықлаўшы ҳәрекетлерди орынлаў мүнәсибети менен жаза мүддетин қысқартыўдың процессуаллық тәртиплери ҳәм зәрүр болған әдебиятлар менен тәмийинлеўди белгилеў бойынша нормалар нәзерде тутылмақта.
Нызам жойбарының қабыл етилиўи қамақтағыларды социаллық пайдалы жумыслар менен шуғылланыўға тартыў арқалы әдеп-икрамлылық жақтан дүзетиў жумысларының нәтийжелилигин арттырыўға ҳәм нызамның тәрбиялық тәсирин күшейтиўге хызмет етеди.
М.Комилова, ӨзА