Өзбекстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстан басшыларының дәслепки үш тәреплеме саммити болып өтеди

351

Усы жылдың 31-март күни Тәжикстанның Хожанд қаласында Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстан басшыларының биринши үш тәреплеме саммити болып өтеди.

Бул ҳаққында Қырғызстан Бас министриниң орынбасары Едил Байсалов Женевада БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң 58-сессиясы шеңберинде шығып сөйлеген сөзинде мәлим еткен.

Оның сөзлерине қарағанда, саммит регионаллық бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли қәдем болады.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан тәрепиниң рәсмий адамлары ҳәзирше бул саммит туўралы мағлыўмат бергени жоқ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги