Кибержынаятшылардың жолына дузақ

Экономикасы раўажланған, айырым мәмлекетлерде кредит системасы турақлы ислейди. Машқалалар дерлик көзге тасланбайды. Бирақ бул, барлық жерде ҳәммеси «бес» дегени емес, исленетуғын жумыслар бир талай. Мәселен, кредит алыў, оны рәсмийлестириў, пайдаланыў, белгиленген мүддетлерде қайтарыўдағы машқалаларды алың, жетерли – қәлегенше табылады.
Оның үстине бул тараўда алдаўшылық жағдайлары күн сайын ҳәўиж алып атырғаны да бар гәп.
Барлық мәмлекетлик уйымлар, соның ишинде, банклер де әлле қашан санластырылған системаға өткен бир ўақытта қарыйдардың кибержынаятшылар қармағына илинип, бир неше секундлар ишинде маңлай тери менен тапқан байлығынан айырылып қалып атырғаны ҳаққындағы суўық хабарлар тез-тезден қулағымызға шалынып, кеўилди қапа етеди.
Бундай унамсыз жағдайдың даўам етиўи пуқара-қарыйдар менен банк арасындағы исенимге зыян келтириўи турған гәп.
Бүгин әтирапымызда кредит алалмай атырғанынан налып жүрген ўатанласларымыздың да, кредит алып қарызын ўақтында төлей алмай «қоян» болып жүрген қарыйдарларды да, өзи хабарсыз бирақ атында бир дүнья қарызы бар-атына кредит рәсмийлестирилген сергиздан болып жүрген адамларды да көриў мүмкин.
Хош, неге сондай! Негизинде кредит кимлерге бериледи!
Оны рәсмийлестириў тәртип-қағыйдалары, банк ҳәм қарыйдар жуўапкершилиги, қалаберди, шахсқа байланыслы мағлыўматларды «сыртқа билдирмеў» бүгин қаншалар кепилленген! Алдаўшылар мине, усы «әззи» ноқатлардан пайдаланып, банк ҳәм қарыйдар арасындағы исеним көпирине зыян жеткерип атырған жоқ па!…
Мағлыўматларға қарағанда, 2023-жылы киберқәўипсизлик бағдарында 6 мың 455 жынаят исленген болып, олардың 76 проценти (4 мың 923) пуқараның банк пластик карталарындағы пулларды қорға киргизиў менен байланыслы. Сондай-ақ, 2024-жылдың 8 айында киберқәўипсизлик бағдарында (банк картасы менен байланыслы жағдайлар бойынша) пуқаралар тәрепинен 36 мың 811 мүрәжат жолланған, соннан 20 мың 810ы урлық ҳәм 16 мыңы алдаўшылық жынаятына байланыслы екенин түсиндирип отырыў шәрт емес.
Олий Мажлис Сенатының өткен ҳәптеде болып өткен 4-жалпы мәжилисинде қабыл етилген Өзбекстан Республикасының «Кредит мәлимлемеси алмасыўы ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамына кредит тараўындағы қатнасықларды және де жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жоқарыда тилге алынған бослықлардың орнын толтырады, банк ҳәм қарыйдар арасындағы қатнасықты беккемлейди, қәўипсизликти кепиллейди, кибержынаятшылар жолына дузақ болады.
Енди кредитти онлайн түрде, аралықтан турып та рәсмийлестириўиңиз мүмкин болады. Яғный, сиз енди интернет арқалы арза тапсырыў ҳәм жуўмақ алыў имканиятына ийесиз. Банкке барып, гезек күтиў ямаса ҳүжжетлерди арнаўлы орынларда тексериў сыяқлы артықша әўерегершиликлердиң алды алынады.
Бул нызамға физикалық тәреплердиң олар менен кредит келисимлерин дүзиўге қадаған етиўди белгилеў ҳәм оны алып таслаўға болған ҳуқықларын, оларды Кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестрине киргизиўдиң тәртиби ҳәм шәртлерин, сондай-ақ, кредит мәлимлемесинен пайдаланыўшылардың белгиленген қадаған етиўди бузған жағдайда кредит келисимин дүзгени ушын жуўапкершилик белгилениўин нәзерде тутыўшы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилген.
Буннан тысқары, кредит бюроларына олардың жумысын тәртипке салыўшы нызамшылық талапларын бузғаны ушын Өзбекстан Республикасы Орайлық банки тәрепинен қолланылатуғын илажлар ҳәм санкциялар белгиленеди.
Нызамда халықты кредитлеў тараўындағы алдаўшылық жынаятларынан қорғаў ҳәм олардың хабарысыз олардың атына кредит рәсмийлестириў ҳәм аралықтан турып онлайн қаржыларын шешип алыў жағдайларын сапластырыў мақсетинде физикалық шахслар тәрепинен еркин түрде кредит алыўдан ўаз кешиў механизми енгизиледи.
Буннан тысқары, кредит бюролары мағлыўматлар базасы негизинде кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестрин қәлиплестириў жолға қойылады.
Физикалық тәрепти оның арзасына бола кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестрине киргизиў (қадаған етиў) ҳәм реестрден шығарыў (қадаған етиўди бийкарлаў), сондай-ақ, физикалық шахс тәрепинен кредит келисимин дүзиў қадаған етилгени ямаса қадаған етиўдиң бийкар болғаны ҳаққындағы мағлыўматлардың кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестринде бар екенлиги бойынша мәлимлемени қәлиплестириў тәртиби белгиленди.
Нызамда физикалық шахстың кредит келисимин дүзиўи қадаған етилген шахслар реестринде бар екенлиги ямаса жоқ екенлиги ҳәм қадаған етиў (қадаған етиўди бийкарлаў) ҳаққындағы арзаның жағдайы ҳаққында мәлимлеме алыўда – бериўде кредит бюроларына ҳуқық ҳәм миннетлемелер бар.
Сондай-ақ, нызам менен физикалық тәреплер ҳаққында мағлыўматты Кредит келисимин дүзиўи қадаған етилген шахслар реестрине киргизиў тәртиби енгизилип, кредит мәлимлемеси субъекти – физикалық шахслар тәрепинен кредит келисимин дүзиўди қадаған етиў (қадаған етиўди бийкарлаў) ҳаққындағы арза менен бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына электрон түрде, мәмлекетлик хызметлер орайына жазба түрде мүрәжат етиў имканияты жаратылды.
Бул илажлар, яғный, киргизилип атырған өзгерислер менен кредит ажыратыўда алдаўшылық жағдайларының алды алынады. Нызамға бола кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестри енгизиледи.
Пуқараларға бул реестрғе киргизиў бойынша арза бериў арқалы кредит келисимин дүзиўди қадаған етиў имканияты жаратылады. Атап айтқанда, кредит келисимин дүзиў қадаған етилген шахслар реестри Орайлық банк тәрепинен белгиленген тәртиплер тийкарында кредит бюролары тәрепинен жүргизилиўи, банклер ҳәм банк емес кредит шөлкемлерине Реестрди тексерместен турып кредит ажыратыў қадаған етилиўи ҳәм Реестрдеги пуқараға кредит ажыратқаны ушын кредит келисими бойынша келип шығатуғын ақыбетлерге жуўапкершилик белгиленбекте.
Орайлық банк тәрепинен кредит бюроларына қағыйдабузарлық ушын илажлар көриледи ҳәм санкциялар қолланылады. Онда, кредит бюроларына қағыйдабузарлықларды сапластырыў ҳаққында орынланыўы мәжбүрий болған көрсетпелер жибериў ҳәм базалық есаплаў муғдарының бес мың есесине шекемги муғдарда жәрийма өндириў нәзерде тутылады.
Бул нызам нызамшылықта усы ўақытқа шекемги көзге көринбес қәўетерли бослық орнын толтыра алады деп, арқайын айта аламыз. Нызамның ҳәр бир бәнтин үйрениў, әмел етиў, турмысқа қолланыў болса сизге, бизге, ҳәмме-ҳәммемизге байланыслы.
Абдусаид КЎЧИМОВ,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси
Сенатының Бюджет ҳәм экономикалық
мәселелер комитетиниң ағзасы.
ӨзА