АҚШтағы китапханадан Темурийлерге байланыслы Қуран қолжазбасының және бир нусқасы табылды

АҚШтағы ири китапханалардан биринде Темурийлер дәўирине байланыслы Қураны Кәрим қолжазбасының және бир нусқасы табылды, деп хабар бермекте Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы.
Бул ҳаққында Франция Жоқары Изертлеўлер орайы профессоры Карим Ифрак Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы менен онлайн ушырасыўда мәлим етти.
Карим Ифрак 2024-жылда өткерилген «Уллы ата-бабалар мийрасы – III Ренессанс тийкары» VIII халықаралық конгресс ҳәм Халықаралық мәдений мийрас ҳәптелигинде қатнасып, Темурийлер дәўиринде көширилген сийрек гезлесетуғын реңли Қураны Кәрим қолжазбасы ҳаққында қызықлы мағлыўматлар берген еди.

Ҳәзирги ўақытта бул қолжазба Ислам цивилизациясы орайының жойбарлары қатарына киргизилген.
Ушырасыў даўамында Карим Ифрак АҚШтағы ири китапханалардан биринде усы қолжазбаның және бир нусқасы табылғанын мәлим етти.

Сондай-ақ, ол «Қураны Кәримниң Темурийлер дәўири қолжазбалары» темасында Орай менен бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирди.
Сөйлесиўде Ислам цивилизациясы орайының үлкен илимий хызметкери Азимжан Ғафуров, халықаралық байланыслар бөлиминиң баслығы Иззат Иброҳимов ҳәм орай илимий хаткери Рустам Жабборов қатнасты.
Карим Ифрак келеси халықаралық әнжуманларда өзиниң жаңа табылмалары менен қатнасатуғынын атап өтти. Сондай-ақ, оның «Исламның пайғамбары: Батыслы уллы илимпазлар нәзеринде бес әсир» атамасындағы жаңа китабының баспаға таярланып атырғаны мәлим етилди.
Н.Усмонова,
ӨзА