Мүрәжат 24 саат ўақыт ишинде көрип шығылып, унамлы шешилди

Халқымызда “Саўаплы исти ҳәр ким, ҳәр жерде ислеў керек” деген дана нақыл бар. Қайырлы ислер ислеў, мүтәжлерге жәрдем қолын созыў – инсанның ең жоқары пазыйлетлеринен бири болып есапланады. Солай екен, биз қандай лаўазымда болмайық, әтираптағыларға имканы болғанынша жәрдем бериўге ҳәрекет етиўимиз керек.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Алишер Джуманазаров мине усындай қайырқомлыққа және бир мәрте қол урды. Оның басламасы менен Нөкис районы “Үлгили мәкан” МПЖда жайласқан 19-санлы улыўма билим бериў мектебиниң көклемзар майданындағы насос суўғарыў системасынан хазирги уакытта ҳеш қандай қыйыншылықларсыз суў шығарылмақта.
Депутаттың усы мәҳәлледеги сайлаўшылар менен өткерген ушырасыўында мектеп директорының орынбасары Азат Ташполатов билимлендириў орнында аймақты көклемзарластырыў ҳәм егилген терек нәллерин суўғарыў ушын суў дәреги жоқ екенлиги себепли, халық ўәкилинен мектепке артезиан қудығы қаздырып, суў насосын алып бериўге әмелий жәрдем сораған еди.



Мүрәжат 24 саат ишинде көрип шығылып, депутаттың басламасы менен ертеңине унамлы шешилди. Ерте таңнан барлық керекли әсбап-үскенелер алып келинип, бурғылаў жумыслары басланды. Күнниң ақырына келип жер асты суў насосы орнатылып, ҳәзирде жасыл майданға ҳеш қандай машқаласыз суў шығып атыр.
Усы мүнәсибет пенен, мектеп администрациясы депутатқа өз миннетдаршылығын билдирген ҳалда Исбилерменлер ҳәрекети Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының келешектеги жумысына ҳәм қайырқомлық жумысларына табыслар тиледи.

Соның менен бирге, депутатқа “Узынкөл” көшеси турғынлары усы аймақтағы тасланды, қараўсыз жатырған 1 гектарға шамалас майданды көклемзарластырыў ҳәм терек нәллерин егиў ушын жер майданын тегислеўде әмелий жәрдем бериўин айтып мүрәжат еткен еди.
Депутат Алишер Джуманазаров өз қәўендерлиги есабынан усы аймақты көклемзарластырыў ҳәм терек нәллерин егиў ушын жер майданын тегислеўде әмелий жәрдем көрсетти.
– Өткен жылғы сайлаўларда ӨзЛиДеП талабанларына даўыс берген едим. Партиядан көрсетилген талабан Алишер Джуманазаров турақлы түрде халық пенен сөйлесиўге, олардың ҳалынан үзликсиз хабар алыўға, машқалаларымызды шешиўге ўәде берген еди. “Уәде емес – нәтийже, ертең емес – бүгин” сүрени менен шыққан еди. Бүгин олар өз ўәдесиниң үстинен шығып, әпиўайы халық арасында жүрип, олардың машқалаларын шешпекте. Мектебимизге бийпул жер асты суў насосын мүрәжат еткенимиздиң ертеси күни шешип берилгени мектебимиздиң муғаллимлери ҳәм оқыўшылары тәрепинен тән алынып, партияға болған исенимимиз артпақта. ӨзЛиДеП партиясы ҳәм депутатымызға рахмет айтамыз,-дейди Нокис районы 19-санлы мектеп директорынын орынбасары Азат Ташполатов.
Каркалпакстан хабар агентлиги