Өзбекстан ҳәм Оман сыртқы ислер министрлери ушырасты

Оман Султанлығы мәлимлеме агентлиги ONA усы мәмлекет сыртқы ислер министри Саййид Бадр бин Ҳамад Ал-Бусаидий өзбекстанлы кәсиплеси Бахтиёр Саидов пенен ушырасқанын сәўлелендирди.
Сөйлесиў барысында бирге ислесиўдиң барлық тәреплерине итибар қаратылып, ҳәр қыйлы тараўларда байланыслардың көлемин кеңейтиў жоллары додаланған. Экономикалық, саўда ҳәм инвестициялық тараўларда бирге ислесиўди билимлендириў, мәденият, туризм, қайта тикленетуғын энергия бағдарларында раўажландырыўға өз-ара умтылысы тастыйықланған. Инфраструктура ҳәм логистика бойынша биргеликтеги жойбарларды алға қойыў имканиятлары көрип шығылған.
Тәреплер улыўмалық мәплерге байланыслы регионаллық ҳәм халықаралық машқалаларға да тоқтап өтип, турақлылықты ҳәм қәўипсизликти қоллап-қуўатлаў, турақлы раўажланыўға ерисиў ушын мәсләҳәтлесиў ҳәм муўапықластырыў механизмин күшейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.
ӨзА