Халқымыздың миллий қәдириятлары кең ен жаймақта

426

Соңғы жыллары елимизде миллий үрп-әдет ҳәм салт-дәстүрлеримизди қайта тиклеў ҳәм оны келешек әўладларымызға сап ҳалында жеткериў бойынша көплеген унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Әсиресе, республикамызда туризмниң бир түри есапланған гастрономиялық туризмди раўажландырыў бойынша «Балықтан 99 түрли тағам» ҳәм «Жүўери гүртик» фестивальларының өткерилиўи миллийлигимизди қайта тиклеўге қаратылып атырған итибардың айқын көриниси десек болады.

Бүгин Нөкис қаласының Таслақ елаты аймағында жайласқан «Қарақалпақ аўылы» этно-туристлик орнында «Жүўери гүртик күни» байрам сыпатында кең түрде белгиленди.

Онда бул миллий тағамды таярлаў бойынша аспазлар таңлаўы, Қарақалпақ миллий фольклор атқарыўшыларының концерт бағдарламасы, миллий спорт ойынлары, өнерментлердиң көргизбелери ҳәм басқа да мәдений илажлар өткерилди.

Илаждың ашылыў салтанатында  Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Т.Атамуратов, «Нураний» қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Абдижаббаров, Қарақалпақстан Аспазлары бирлеспеси баслығы Г.Юлдашев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында халқымыздың  миллий қәдириятларын қайта тиклеўге қаратылып атырған итибар ҳәм ғамқорлықты мақтаныш пенен тилге алды. Әсиресе, соңғы жыллары Қарақалпақстанда туризмди раўажландырыўға жаратылып атырған кең имканият ҳәм қолайлы шараятларға тоқталды. Соның ишинде, гастрономиялық туризмниң бир көриниси есапланған, қарақалпақ халқының миллий  тағамларының бири болған жүўери гүртиктиң өзине тән өзгешеликлери, адам денсаўлығына пайдалы тәреплери ҳәм халқымыздың турмысында тутқан орны ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кең түрде айтып берди.

Сәне мүнәсибети менен өткерилген илажда аспазлар таңлаўы, өнерментлер ҳәм художниклер көргизбеси, миллий спорт ойынлары шөлкемлестирилип, олар тәжирийбели төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып барылды.

Көтериңки руўхта өткерилген аспазлар таңлаўы жуўмағында, «Ең жақсы аспаз» номинациясы бойынша Нөкис қаласындағы 24-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң бас аспазы Арыўхан Сапарова, «Ең жақсы безетилген жүўери гүртик» номинациясында Мадина Дәўлетмуратова ҳәм «Ең жас аспаз» номинациясы бойынша «Адмирал» ресторанының аспазы Баҳадыр Баймуратовлар жеңимпаз болды.

Илаж соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Зарикеевлер қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы