Миллеттиң өзлиги, руўхый келбети оның әдебиятына жәмленген. Мәмлекетимиздиң басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен қурылған Жазыўшылар қыябаны мине бир жылдан берли халқымыз, әсиресе, жасларды әдебиятқа тартпақта.

Жазыўшылар қыябанында Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен шерик шөлкемлер менен бирге өткерилип атырған әдебият байрамы ҳәптелиги шеңберинде «Илҳам» сыйлығы таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Бул байрам қызықлы әнжуманлар, викториналар, таңлаўларға, жаслар фестивалларына үйлесип кетти.

Ерте таңнан бул қыябан шайыр ҳәм жазыўшылар, илимпазлар, устазлар, студент-жаслар ҳәм олардың  ата-аналары, мектеп оқыўшылары менен толы болды.

– Мәмлекетимизде миллий әдебиятымызға көрсетилип атырған итибар өзиниң әмелий руўхы ҳәм нәтийжелилиги менен дыққатқа ылайық, – дейди Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының  биринши орынбасары Нодир Жанузақ. – Бүгин ким болыўына қарамастан, китапқа меҳир қойыў, оның менен досласыў зәрүр екенлигин турмыстың өзи көрсетпекте. Мәмлекетимиз басшының басламасы менен қурылып атырған дөретиўшилик мектеплери, жазыўшы ҳәм шайырларға көрсетилип атырған итибар, китапқумарлықты раўажландырыў бағдарындағы ийгиликли ислер жасларды әдебияттың гөззал әлемине алып кирмекте.

Күн даўамында Жазыўшылар қыябанында пикир-таласлар, әдебий гүрриңлер болды. Студент-жаслар арасында әдебиятқа қызығыўшылықты күшейтиў мақсетинде биринши мәрте шөлкемлестирилген «Илҳам» сыйлығы республикалық таңлаўдың жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болса әдебият байрамына айланып кетти.

– Бул сыйлық жоқары оқыў орынларының студентлери, жас оқытыўшылар ушын енгизилген, – дейди әдебияттаныўшы Баҳодир Карим. – Таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими де оғада жоқары дәрежеде өтти. Жойбар жаслардың өз дөретиўшилигине итибарды күшейтиўде, бәсеки оятыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Таңлаўда мәмлекетимиздеги 83 жоқары билимлендириў мәкемесиниң  200 ден аслам жаслары өзиниң дөретиўшилик үлгиси менен белсене қатнасты. Төреши қурамлары келип түскен жумыслардың көркемлик дәрежеси, әҳмийетлилигине итибар қаратты.

Биринши орынға  Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң магистранты Акрам Маликов мүнәсип болды. Ол «Spark» автомобили менен сыйлықланды. Екинши орын Ташкент мәмлекетлик шығыстаныў университетиниң топарына берилди. Үшинши орынға Ферғана мәмлекетлик университетиниң магистранты Қобилжон Шерматов ҳәм Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң таяныш докторанты Малика Палымбетова ийе болды.

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң студенти Хонзода Жамалова (марҳум), Қаршы инженерлик-экономика институты «Ниҳол» студентлер топары, Наўайы мәмлекетлик педагогикалық институтының студенти Фарҳод Низомов, Өзбекстан Республикасы Жәмийетлик қәўипсизлик университетиниң топары, Ташкент мәмлекетлик экономика университетиниң студенти Мадина Қаҳхорова, Үргенш  мәмлекетлик университетиниң магистранты Акбар Отабоев таңлаўдың хошаметлеўши сыйлығына мүнәсип деп табылды.

Жеңимпазлар диплом, статуэтка, ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

– Әлийшер Наўайының «Ҳайрат ул-аброр» дәстаны үстинде изленис алып бардым, – дейди 1-орын ийеси, Әлийшер Наўайы атындағы Ташкент мәмлекетлик өзбек тили ҳәм әдебияты университетиниң магистранты Акрам Маликов. – Изертлеў жумысларым Әлийшер Наўайыға, оның дөретиўшилигине болған ҳүрметимниң көриниси болып есапланады. Наўайының шығармалары миллетимиздиң өзлиги. Ол китапқумарды бәркамал шахс етип қәлиплестиреди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувоҳидов, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Б.Мусаев  шығып сөйледи.

Шайырлардың қосықларынан үлгилер, көркем өнер шеберлериниң қатнасыўындағы музыкалық бағдарлама кешеге және де көтериңкилик бағышлады. Бул әдебият байрамы Жазыўшылар қыябаны, миллий әдебиятымыз жасларымыздың мәнаўий  турмысының ажыралмас бөлегине айланып атырғанын және бир мәрте көрсетти.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы