Мәмлекетимизде мийман болып турған Индонезия Парламенти Ўәкиллер палатасы Спикериниң орынбасары Раҳмат Гобель басшылығындағы делегация Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Спикери Нурдинжон Исмоилов пенен ушырасты.

Соңғы төрт жылда Өзбекстан ҳәм Индонезия арасында барлық тараўларда, соның ушын, парламентлер  арасында бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтиў зәрүр. Усы байланысларды раўажландырыў, оларды жаңа басқышқа алып шығыў еки мәмлекет парламентлери ушын да әҳмийетли екени атап өтилди.

Сөйлесиў ўақтында Индонезия парламенти делегациясы ағзаларына Олий Мажлис Нызамшылық палатасының жумысы, сиясий партиялардың фракциялары ҳәм комитетлер ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.

Раҳмат Гобель мәмлекетимизде алып барылып атырған ақылға уғрас сиясат ҳәм оның дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алынып атырғанын айрықша атап өтип, қолға  киргизилип атырған  жетискенликлер Өзбекстанның халықаралық майдандағы абырайын арттыратуғынына исеними кәмил екенин билдирди.

Ушырасыўда Өзбекстанда Индонезияның жетекши жоқары билимлендириў мәкемелериниң филиалларын ашыў және бүгинги күнде ең талап күшли болған кәсиплерге оқытыў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды ислеп шығыў, оларды әмелиятқа енгизиў мәселеси додаланды.

Тәреплер саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық  тараўлардағы иске қосылмаған имканиятларын атап өтип, еки мәмлекет  ушын тийкарғы бағдарларда анық биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў арқалы нәтийжели бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлигин  билдирди.

Еки мәмлекет арасында парламентлераралық қатнасықларды беккемлеў менен бирге, туризм, соның ишинде, «зыярат туризми» ҳәм мәдений-гуманитарлық  тараўларда бирге ислесиўди және де раўажландырыў мәселелери де көрип шығылды.

Раҳмат Гобель басшылығындағы делегация Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлигинде де болып, Бас министрдиң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри  С.Умурзақов пенен сиясий, инвестициялық, саўда-экономикалық және мәдений-гуманитарлық  тараўларда  сөйлесиў өткерди.

Индонезия тәрепи Өзбекстанда әмелге асырылып атырған структуралық өзгерислерге және экономикалық раўажланыў ҳәм мәмлекетлик басқарыўды жетилистириў бағдарында  ерисилген нәтийжелерге жоқары баҳа берди.

Тәреплер еки мәмлекет ҳүкиметлери ҳәм исбилермен топарларының өз-ара сапарлары арқалы қатнасықларды жеделлестириў әҳмийетли екенлигин атап өтти. Жақын ўақыт ишинде ҳәр еки мәмлекеттиң тийисли  министрликлери ҳәм уйымлары быйылғы жылдың екинши ярымында Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы ҳәм Индонезия Республикасы арасындағы  еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилисин және Өзбекстан-Индонезия бизнес-форумын өткериўге таярлықты  баслаўға келисип алды. Индонезияның министрликлери ҳәм уйымлары басшылары менен еки  тәреплеме ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткериў мақсетинде Өзбекстан делегациясының Джакарта қаласына сапары шөлкемлестирилетуғын болды.

Инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әҳмийетли потенциалы атап өтилди – аўыл хожалығы ҳәм санааттың электротехника, химия, аяқ кийим ҳәм былғары-галантерея тармақларында биргеликтеги өндирислик объектлерди қурыў ҳәм ислеп шығарылатуғын өнимлерди ҒМДА, Қубла- Шығыс Азия, Жақын Шығыс ҳәм Батыс Африкаға экспорт етиў перспективаларына ийе болған жойбарларды ислеп шығыў бойынша келисимге ерисилди.

Тәреплер, сондай-ақ, еки мәмлекет базарларында талап болған Өзбекстан ҳәм Индонезия өнимлерин өз-ара жеткерип бериўди кеңейтиў, сондай-ақ, жеңилликли  саўда ҳәм өсимликлер карантини тараўында бирге ислесиўге байланыслы келисимлерге қол қойыўға таярлықты тезлестириўге келисип алды.

Мийманхана бизнеси ҳәм туризмди раўажландырыўда бирге ислесиўди жеделлестириў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Атап айтқанда, усы жылдың август айында өз қурамына Индонезия исбилермен топарларын алатуғын Индонезия уламалар Кеңеси ўәкиллериниң Өзбекстанға сапары даўамында еки мәмлекет арасында зыярат туризми тараўындағы бирге ислесиў перспективалары додаланыўы режелестирилген.

Ушырасыўдың соңында ерисилген барлық келисимлерди сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырыў бойынша оның әмелий илажларды қамтып алған «Жол картасы»н қысқа мүддетке ислеп шығыўға келисилди.

 

С.РАҲИМОВ,

ӨзАның хабаршысы