Индонезия Республикасы парламенти Ўәкиллер палатасы Спикериниң орынбасары Раҳмат Гобель басшылығындағы делегация мәмлекетимизде болып турыпты. 17-май күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Норбоеваның усы делегация ағзалары менен ушырасыўы болып өтти.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан менен Индонезия арасындағы бирге ислесиў соңғы жылларда барлық тараўларда, соның ишинде, парламентлер арасында да раўажланып атырғаны, бирақ ерисилген нәтийжелер еки мәмлекет имканиятларына сай емеслиги атап өтилди. Сонлықтан, өз-ара қатнасықларды буннан былай да раўажландырыў мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз ушын бирдей пайдалы болатуғыны атап өтилди.
Индонезия парламентиниң вице-спикери Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларды жоқары баҳалап, «Биз Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында елиңиздеги тарийхый естеликлерди сақлаў ҳәм ислам динин және бай мәдений мийрасты үйрениў бойынша үлкен жумыслар алып барылып атырғанына гүўа болдық», – деди.
Ушырасыўда Өзбекстан да, Индонезия да тәбийғый ресурсларға бай екени, бул тараўда бирге ислесиўди кеңейтиў жақсы нәтийже беретуғыны атап өтилди. Өз-ара саўда айланысын арттырыў, туризм тараўында, соның ишинде, зыярат туризми бағдарында бирге ислесиўди кеңейтиў зәрүр екенлиги мәлим етилди.
Мәдений-гуманитарлық қатнасықларды буннан былай да кеңейтиўден, соның ишинде, билимлендириў жойбарларын хошаметлеўден ҳәм студентлер және оқытыўшылар алмасыўдан, еки мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде өзбек ҳәм индонез тиллерин үйрениўден, илимий-академиялық жумыс алып барыўдан, медицина, зыярат туризмин раўажландырыўдан мәмлекетлеримиз бирдей мәпдар екени билдирилди.
Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң пайдаланылмаған үлкен потенциалын атап өтип, еки мәмлекет ушын тийкарғы болған бағдарларда анық биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиў бойынша Өзбекстан-Индонезия ҳүкиметлераралық коммисиясы жумысының нәтийжелилигин арттырыў мәселелери көрип шығылды. Тәреплер тоқымашылық, химия санааты, фармацевтика, туризм, мәденият, билимлендириў, гендер теңлик ҳәм басқа тараўларда бирге ислесиўди раўажландырыўдан мәпдар екенлигин билдирди.
Парламентлераралық қатнасықларды күшейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Түрли дәрежелерде өз-ара сапарларды әмелге асырыў, турақлы байланыс, сондай-ақ, Өзбекстан ҳәм Индонезия парламентлери палаталарының тийисли комитетлери арасында байланыслар екенлиги айрықша атап өтилди.
Индонезия делегациясы ағзалары «Өзхимиясанаат» АЖ басшылары менен де ушырасты.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы