Миллий баспасөз орайында 17-май күни Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хызметиниң гезектеги брифинги болып өтти. Онда дәстүрге бола, өткен ҳәптедеги илажлар ҳаққында қысқаша мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимиз басшысының күн тәртибинде тек ғана рәсмий емес, уллы адамгершилик пазыйлетлерин билдириўши илажлар ҳәмийше жоқары орында турады. Сол жағынан алып қарағанда, өткен ҳәптениң ең есте қаларлық ўақыясы – Бул Президентимиздиң Рамазан ҳайытының екинши күни Ташкент қаласындағы гематология ҳәм онкология орайларына сапары болды.

Брифингте Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов усы орайлар және Учтепа районындағы Тепақорған мәҳәллесине сапар, онкология хызметин раўажландырыў бойынша видеоселектор мәжилисиниң жуўмақлары ҳаққында мәлим етти.

Сондай-ақ, өткен ҳәптеде Президент тәрепинен қабыл етилген «Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларының мәтериаллық тәмийинлениўин  буннан былай да күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы пәрман ҳәм «Хызметлер тараўын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарардың мазмун-мәнисине қысқаша тоқтап өтти.

Рамазан ҳайыты алдында, 12-май күни Президенттиң тийисли пәрманы менен еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған 100 пуқараның әпиў етилгени Өзбекстанда адамгершилик принципине тийкарланған сиясат жүргизилип атырғанының және бир көриниси болғаны атап өтилди.

Брифингте усы ҳәптеде күтилип атырған илажлар ҳаққында да мәлимлеме берилди. Атап айтқанда, усы ҳәптеде Президенттиң қатнасыўында техникалық жақтан тәртипке салыў, стандартластырыў, сертификатлаў ҳәм метрология системасын жетилистириў бойынша презентация, денсаўлықты сақлаў тараўындағы реформалардың нәтийжелилигин арттырыў және санластырыў процесслерин жеделлестириў бойынша видеоселектор, көп квартиралы турақ жайларға хызмет көрсетиў системасын жетилистириў илажлары бойынша мәжилис өткерилиўи режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы Жәҳән банки президентиниң Европа ҳәм Орайлық Азия бойынша орынбасары Анна Бьердени қабыллайды. Сондай-ақ, Жоқары Евроазия экономикалық кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасады.

Шерзод Асадов брифинг өткерилип атырған минутларда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлесип атырғанын мәлим етти.

Илаж соңында журналистлердиң сораўларына жуўап берилди.

 

ӨзА