Нөкис районында «Пандемияны спорт пенен жеңемиз!» сүрени астында улыўма орта билим бериў мектеплери оқыўшылары арасында «Кеўилли стартлар» телевизиялық спорт жарысының Қарақалпақстан Республикасы басқышы өткерилди.

Жарысқа республикамыздың барлық қала ҳәм районларынан 56 спортшы қатнасты.

Жарыс қатнасыўшылары «Ким шаққан», «Қызықлы эстафета», «Аңшылар ойыны», «Шаққанлар жуплығы», «Шаққан акробатика» ҳәм басқа да шәртлер бойынша өзлериниң шаққанлығын сынақтан өткерди.

Жарыс жуўмағында Нөкис районының «Ақмаңғыт» командасы бириншиликти ийелеп, Ташкент қаласында өткерилетуғын Өзбекстан Республикалық басқышына жоллама алды.

Сондай-ақ, жарыста Беруний районының «Туран» командасы екинши, Мойнақ районының «Арал» командасы үшинши орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы