Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-май күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.
Сәўбетлесиў басында мәмлекет басшылары фашизм үстинен ерисилген Жеӊистиӊ 76 жыллығы мүнәсибети менен бир-бирин қызғын түрде қутлықлап, еӊ жақсы тилеклерин билдирди.
Урыс дәўиринде бирге қаҳарманлық пенен саўаш алып барған ҳәм фронт артында пидайылық пенен мийнет еткен халықларымыздыӊ уллы мәртлиги миннетдар әўладлар ядында мәӊги сақланып қалатуғынлығы айрықша атап өтилди.
Өзбекстан-Россия стратегиклық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиӊ әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Коронавирус пандемиясына байланыслы қыйын шараятта мәмлекетлеримиз арасындағы көп тәреплеме шериклик жедел раўажланып баратырғаны айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Барлық дәрежедеги жедел байланыслар даўам еттирилмекте, Россияныӊ жетекши компания ҳәм банклериниӊ қатнасында Өзбекстан экономикасыныӊ тийкарғы тармақларында ири кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта. Усы жылдыӊ апрель айында Ташкент қаласында дәслепки мәрте Россиядан тысқарыда кеӊ көлемде шөлкемлестирилген Халықаралық “Иннопром” көргизбеси табыслы өткерилди.
Өз-ара саўданы көбейтиў бойынша биргеликте қосымша илажлар көриў зәрүрлиги айрықша атап өтилди.
Парламентлараралық алмасыўлар кеӊеймекте, билимлендириў ҳәм мәдений-гуманитар алмасыўлар бойынша әҳмийетли бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Сөйлесиўде Президентлер халықаралық күн тәртиби ҳәм аймақлық бирге ислесиў, соныӊ ишинде, ҒМДА, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Евразия экономикалық аўқамы шеӊбериндеги шерикликтиӊ әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.
Болажақ илажлар режеси де көрип шығылды. Жоқары дәрежеде өткерилиўи режелестирилген ушырасыўлардыӊ күн тәртибин таярлаўды жедел даўам еттириўге келисип алынды.
Телефон арқалы сөйлесиў ҳәр сапардағыдай қызғын , дослық ҳәм исшеӊлик руўхында өтти.
ӨзА