Шоманай районы ҳәкимлиги ҳәм сектор басшыларының басламасы менен «Темир дәптер» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген 13 шаңарақ балаларының сүннет тойы өткерилип берилди.

Илажда район ҳәкими Б.Янгибаев ҳәм басқа сектор басшыларының атап өткениндей, Президентимиздиң басламасы менен елимизде кем тәмийинленген ҳәм майыплығы болған пуқаралары бар шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Мүбәрек Рамазан айында халықтың жәрдемге мүтәж қатламына жәрдем бериў сыяқлы қайырқомлық ҳәм саўаплы ислерди әмелге асырыў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден есапланады. Бундай мийрим-шәпәәтлик ҳәм қайыр-сақаўат илажлары өсип киятырған жас әўладты ана Ўатанға садықлық, миллий қәдириятларымызға ҳүрмет руҳында тәрбиялаўға хызмет етеди.

Илажда балаларға қәўендерлер тәрепинен саўғалар тапсырылды.

Буннан кейин тойлары өткерилип атырған балалардың ата-аналары менен жақынлары шығып сөйлеп, бүгингидей сынақлы күнлерде жәрдемге мүтәж шаңарақларға көрсетип атырған айрықша ғамқорлығы ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди.

Районның көркем өнер шеберлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы илажға көтериңкилик бағышлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги