Урыс!
Бул не деген аўыр әламат,
Қулақ еситпесин бул сөзди ҳасла!
Ол жүрекке басып талай жарақат,
Не қайғылар салып кетпеди басқа!?
Тәжетдин Сейтжанов
Мениӊ әкем Тәжетдин Сейтжанов 1924-жылы 5-май күни Кегейли районыныӊ 4-аўылында туўылып, оның балалық дәўири сиясий көзқараслар ағымындағы «ескиниң бузылып, жаңаның бой тиклеп» атырған қыян-кести турмыс кеширмелерине толы жылларға туўра келеди. Бундай жағдайларға таң қалыў, үмитлениў, исениў туйғылары сол дәўирдеги көплеген дөретиўшилердиң шайыр, жазыўшы, драматург болып қәлиплесиўине үлкен тәсир жасады.
Тажетдин Сейтжановтыӊ әдебиятқа қызығыўшылығы да усы дәўирге туўра келеди. Оныӊ дәслепки қосығы 1938-жылы «Жеткиншек» газетасында басылып шығады.
Баслаўыш мектепти питкергеннен соӊ район орайындағы бурынғы М.Горький орта мектебинде оқып, Екинши жер жүзилик урыс басланған ўақтында ол небәри 17 жаста болған екен. Ол өзиниң ең қызғынлы жаслық дәўирин елимизди фашист басқыншылардан қарсы гүреске арнады. Урыс басланғаннан кейин әскерий комиссиариатыныӊ қапысын тындырмай, ықтыярлылар қатарына өтиўге қаншама рет урынсада, әскерлер қатарына алыныўына Кегейли районлық әскерий комиссары «еле жассаӊ» деп рухсат етпепти. Тек 1942-жылдыӊ октябрь айыныӊ басында ғана ол Кегейлиде дүзилген ықтыярлылар батальонына қабылланып, урысқа атланады.
Самарқандтыӊ Каттақорған деген жеринде қысқа мүддетли арнаўлы таярлықлардан соӊ, ҳеш нәрсе көрмеген жас жигитлерди Сталинград жанындағы саўашқа салады. Бул қанлы саўашларда олардыӊ қатары бираз сийреп, биразы жараланып, госпитальға түседи. Сол жылы қыстыӊ қәҳәрли келгени урыс хроникаларынанда белгили. Соған қарамай қақаман аязда қар кешип, окопта фашистлерге қарсы оқ атып жүрген Тәжетдин Сейтжанов аяғы суўық алып, аўырыўы асқынып кеткенлиги себепли, госпитальға түседи. Ол жердеги әскерий врачлардыӊ шешими менен аяғын ампутация ислеў керек екенлиги анық болады. Сонда енди 18 жасқа шыққан жигит, «елиме қайтыўға рухсат етиӊ, аўылыма барсам тез жазыламан» деп жалынып, аяғын кестирмей, 1943-жылдыӊ басында Кегейлиге келеди. Аўылға келсе анасы қайтыс болыпты. Буннан соӊ ол әсте-ақырын әкесиниӊ жанында жүрип, бираз саўалып қалғаннан кейин, сол баяғы Кегейли әскерий комиссариатына жол алады. Ол жерде және сол военкомды ушыратып, Тәжетдин Сейтжанов өз ерки менен 1943-жылдыӊ гүз айларында және фронтқа қайтады.
Солай етип, 1943-жылдыӊ ақырында Атқышлар бөлимшесиниӊ командири киши сержант Тәжетдин Сейтжанов Украинаны азат етиў саўашларына, кейин ала Польшаныӊ Висла, Одер дәрьяларынан кешип өтиў операцияларында актив қатнасады. Саўашларда бирнеше рет жараланып, еӊ соӊғы рет 1945-жылдыӊ 8-март күни Одердеги Франкфурт қаласында болған урыста шеп аяғынан және жарақатланады. Ол Германия аймағындағы Репень, Польшадағы Познань, Россиядағы Иваново ўәлаятыныӊ Кольчугино қаласы госпитальларда узақ ўақыт емленеди. Урыста көрсеткен ерликлери ушын ол үшинши дәрежели «Даӊқ» ордени, биринши дәрежели «Ўатандарлық урыс» ордени ҳәм көплеген жаўынгерлик медальлар менен сыйлықланады.
1945-жылдыӊ август айында Тәжетдин Сейтжанов елге қайтып келеди. Әмиўдәрья арқалы Нөкистеги пристаньнан түсип, жарадар жаўынгер балдақларына сүйенип Қызкеткенди жағалап өзиниӊ туўылған жери Кегейлиге жүрип кетеди. Әкемиз атадан жалғыз болып, урыс ўақтында оныӊ әкеси де, анасы да қайтыс болған.
Ол Кегейли районыныӊ орайына келип енди қайда барарын билмей турса, аталас әжапасы танып, үйине алып барады. Оныӊ да оӊып турған ҳеш жери жоқ, күйеўи фронттан қайтпаған, еки қызы менен қалған кемкеўил ҳаял еди.
Сол жерде бир-еки ҳәпте демин алып, жарасы жазыла келе балдағына сүйенип, районлық әскерий комиссариатына барып есапқа турады ҳәм усы шөлкемге жумысқа өтеди. Жаслайынан билим-илимге қуштар Тәжетдин Сейтжанов 1948-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик муғаллимлер институтыныӊ 2 жыллық курсына оқыўға түседи. Институтта жақсы оқып, ондағы жәмийетлик жумысларға белсене қатнасып жүрген бул фронтовик жигитти институт директоры Турдымурат Бекимбетов те аӊлап, оны инстиут спорт залыныӊ меӊгериўшиси етип тайынлайды. Оқыўды питкергеннен кейин Кегейлиге қайтып, шетирек бир аўылдағы мектепке муғаллим болады. Урыстан соӊғы жыллар, оқыў әнжамлары, классларда парта да жетиспейтуғын,қыстыӊ суўық күнлери пешке жағатуғын отында табылмай қалатуғын болған. Ол муғаллим болып ислеген сол жыллары қара гүзге қарап ересек баллар менен тоғайзарлықтан отын шаўып, мектептиӊ қасына жыйнап үлгеретуғын болған. Бир-бир ярым жылдан соӊ Тәжетдин Сейтжанов сол мектептиӊ директоры болып тайынланады. Ол бул лаўазымда ислеген дәўиринде аўылдан уста таўып ағаштан парта ислетип, қолынан келгенше жумыс алып барады. Жас, талапшаӊ ҳәм искер жигиттиӊ бул жумыслары сол ўақыттағы райондағы басшылар нәзерине түседи ҳәм оны районлық Халық билимлендириў бөлиминиӊ мектеплер бойынша инспекторы, районлық комсомол комитетиниӊ биринши хаткери етип тайынлайды. Бул Кегейлиде райком секретары болып Жолымбет Сейтниязов ислеген жыллар екен ҳәм усы инсанныӊ қоллап-қуўатлаўы менен Тәжетдин Сейтжанов 1954-жылы Ташкенттеги Жоқары партия мектебине жоллама алады.
Оныӊ усы оқыў курсларын питкерип келгеннен кейинги өмири Нөкис қаласы менен байланыслы болды. Ол дәслеп «Жас Ленинши» ҳәзирги «Қарақалпақстан Жаслары» газетасыныӊ жуўаплы хаткери, областлық партия комитети үгит-нәсиятлаў бөлими инструкторы болып жумыс ислейди. 1959-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерип, Бердақ атындағы мәмлекетлик филармонияныӊ директоры, Нөкис қалалық мәденият бөлиминиӊ баслығы, «Совет Қарақалпақстаны» газетасы бас редакторыныӊ орынбасары, Қарақалпақстан АССР Министрлер Кеӊесиниӊ Телевидение ҳәм радио комитети баслығыныӊ орынбасары, «Әмиўдәрья» журналыныӊ бас редакторы ҳәм басқа да жуўапкер лаўазымларда хызмет етти.
Жоқарыда айтып өткенимиздей, Тәжетдин Сейтжановтыӊ әдебиятқа қызығыўшылығы жаслайынан-ақ басланып, ал нағыз шайырлық дөретиўшилиги урыс жылларында басланады. 1944 жылы сол гездеги республикалық «Қызыл Қарақалпақстан» газетасында оныӊ бирнеше қосықлары жарық көреди. Урыс окопларында да көп қосықлар жазып, елге жиберип отырды, биразы оныӊ кейин жарық көрген шығармалар топламларына да енгизилди.
1955-жылы Тәжетдин Сейтжановтыӊ «Азамат жыры» атлы биринши қосықлар топламы баспадан шықты. Сол жылы ол СССР Жазыўшылар аўқамыныӊ, 1962-жылы СССР Журналистлер аўқамыныӊ ағзалығына қабыл етилди. Пүткил өмири даўамында шайырдыӊ «Зийба» (1957), «Қанатлы жаслық» (1961), «Айна алдындағы сөз» (1965), улыўма он бестен аслам поэтикалық топламлары қарақалпақ, рус, қазақ тиллеринде жарық көрди..
Соныӊ менен қатар Тәжетдин Сейтжанов көркем аўдарма иси менен де шуғылланды. Т.Шевченко. Н.А.Некрасов, Т.Шевченко, Р.Ғамзатов, М.Әлийдиӊ қосықларын, Р.Тагор менен Н.Ҳиқметтиӊ повесть ҳәм поэмаларын, У.Шекспирдиӊ «Отелло» ҳәм Н.Островскийдиӊ «Айыпсыз айыплылар» пьесаларын қарақалпақ тилине аўдарып, оқыўшылар қәўимине инам етти.
Ол өзиниӊ көп санлы драмалық шығармалары арқалы қарақалпақ әдебиятыныӊ драматургия жанрыныӊ раўажланыўына да үлкен үлес қосты. Оныӊ оннан аслам пьеса ҳәм көлемли драмалық шығармалары Қарақалпақстан ҳәм Өзбекстан театр сахналарында қойылып, тамашагөйлер тәрепинен қызғын күтип алынды ҳәм бир қатар таӊлаўларда жоқары сыйлықларға миясар деп табылды. Атап айтқанда, оныӊ «Беруний» атлы тарийхый пьесасы 1973-жылы Орта Азия ҳәм Қазақстан драма театрларыныӊ Ташкент телефестивалында I дәрежели диплом менен сыйлықланды.
Республикамыздыӊ әдебият ҳәм көркем өнер тараўында көрсеткен жемисли хызметлери ушын Тәжетдин Сейтжановқа 1969-жылы Қарақалпақстанға мийнети сиӊген көркем өнер ғайраткери, 1974-жылы Қарақалпақстан халық шайыры ҳүрметли атақлары берилди.
Урыс ҳәм парахатшылық дәўирде де ибратлы өмир жолы менен көпке өрнек болған урыс ветераны, әдиўли әкемиз Тәжетдин Сейтжанов 1998-жылы қайтыс болды. Оныӊ жарқын келбети келешек әўладлар ядында мәӊги сақланып қалады деп исенемиз.
Сайяра Тәжетдин қызы Сейтжанова
Қарақалпақстан хабар агентлиги