Усы жыл 1-май күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары және халықаралық қаржы институтлары менен биргеликте әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлардың орынланыўына бағышланған мәжилис болып өтти.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткен илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Нызамшылық палатасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, Министрлер Кеңесиниң ўәкиллери, министрликлер менен уйымлардың, аймақларға бириктирилген коммерциялық банклердиң басшылары, қала ҳәм район ҳәкимликлериниң, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов кирис сөз бенен ашты.
Илажда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитетиниң баслығы Б.Алиханов шығып сөйлеп, қарар талаплары ҳәм халықаралық қаржы институтлары менен биргеликте әмелге асырылып атырған жойбарлардың орынланыў барысына қысқаша тоқтап өтти.
Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары Н.Ерлепесов, Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Хабибуллаевлардың мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, бул бойынша қабыл етилген бағдарламаның орынланыўы үстинен Парламентлик қадағалаўды шөлкемлестириў бойынша Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери комитети тәрепинен Сенат ағзалары менен биргеликте тиккелей орынларға шығып турақлы таллаўлар, үйрениўлер алып барылмақта. Усы процессте тек қадағалаў илажлары алып барылып ғана қалмастан, исбилерменлер ҳәм халық белсендилери менен орынларда ушырасыўлар шөлкемлестирилип, олардың машқалаларын шешиў илажлары көрилмекте.
Қарарға муўапық ҳәр бир қала ҳәм районның имканиятларынан келип шыққан ҳалда «өсиў ноқатлары» яғный драйвер тараўлары белгиленгенлигин атап өтиў орынлы. Қурылыс материалларын ислеп шығарыў, азық-аўқат, тоқымашылық, нефьт-химия санааты, бағшылық, ыссыханалар қурыў, пиллешилик, туризм тараўлары усылардың қатарына киреди. Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, ҳәр бир аймаққа министрликлер ҳәм коммерциялық банклердиң ўәкиллери бириктирилген. Белгиленген мақсетли көрсеткишлер ҳәм жойбарларды әмелге асырыўға қолайлы шараят жаратыў ушын қарар менен бир қатар жеңилликлер берилмекте.
Баянатшылардың атап өткениндей, жоқарыдағы қарарға муўапық, республикамызда 2020-2023-жылларда 1359 әҳмийетли жойбарды әмелге асырыў ҳәм 17631 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген. Соннан өткен жылда 588 жойбардың иске түсирилиўи белгиленип, 2021-жылдың 1-январь ҳалатына ҳақыйқатында 1206 жойбардың 5 триллион 887 миллиард 424 миллион сумлық инвестиция қаржысы өзлестирилди ҳәм 705 жойбар иске түсирилди.
Быйылғы жылы 592 әҳмийетли жойбардың әмелге асырылыўы ҳәм 10495 жаңа жумыс орнын жаратыў белгиленген. Усы жылдың биринши шерегиниң жуўмағында бағдарламада белгиленген 1237 жойбарға 6 триллион 68,1 миллиард сум, соннан 2021-жылдың өзинде 53 инициатордың 110,4 миллиард сумлық инвестиция қаржысы өзлестирилди. Жәми 840 жойбар иске түсирилип, 5075 жаңа жумыс орны, соннан 2021-жылдың өзинде 133 инвестиция жойбары иске түсирилди ҳәм 738 жаңа жумыс орны жаратылды.
Быйылғы жылдың биринши шерегинде 99 жойбарды әмелге асырыў ҳәм жаңадан 902 жумыс орнын жаратыў режелестирилген болып, 77 жойбар иске түсирилди. Бағдарламаға муўапық бул шеректе 56 жойбар мүддетинен бурын иске түсирилди ҳәм 293 жаңа жумыс орны жаратылды.
Республикамыздың социаллық тараў ҳәм инфраструктура системасын раўажландырыў мақсетинде 20 перспективалы жойбар шеңберинде 1326,7 миллион долларлық қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған. Усы жойбарлар бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.
Мәжилисте аймақларда әмелге асырылып атырған жумыс менен бир қатарда айтарлықтай машқалалардың бар екенлиги атап өтилди. Бүгинги күнге шекем 5 банк тәрепинен 5 жойбарға 7,92 миллиард сумлық кредит қаржысы өз ўақтында ажыратылмаған. Буннан тысқары 5 район ҳәкимлиги тәрепинен 5 жойбарға өз ўақтында жер майданы ажыратып берилмеген. Фермерлер кеңеси тәрепинен бир жойбарға кредит ресурсы өз ўақтында келип түспеген. Сондай-ақ, қалған 11 жойбар болса, инициаторлар тәрепинен тийкарынан есап-санақларда қәте-кемшиликлер болғанлығы себепли өз ўақтында иске түсирилмеген.
Мәжилисте атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша пикир-усыныслар тыңланды. Коммерциялық банклер тәрепинен тармақ кестелери тийкарында жойбарлар ушын кредит қаржыларының ажыратылыўын тәмийинлеў, район ҳәкимликлери менен коммерциялық банклер инициаторлар менен келешекте әмелге асырылатуғын жойбарларды өз ўақтында иске түсириў илажларын көриў, бағдарламаға киргизилген жойбарлар ушын кредит қаржыларын ажыратыў нормаларын қайта көрип шығыў бойынша жуўапкер басшыларға тапсырмалар берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери