Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң (ЕҚБШ) Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы (ДИИҲБ)ның директоры Маттео Мекаччи басшылығындағы делегация мәмлекетимизге келди.
Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов 28-апрель күни усы делегацияны қабыл етти.
Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан менен ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Бул делегацияның мәмлекетимизге сапары Өзбекстанда сиясий, социаллық ҳәм экономикалық тараўларда кең көлемли өзгерислер әмелге асырылып атырған ҳәм бунын нәтийжесинде жаңа Өзбекстанның келбети қәлиплесип атырған ўақытқа туўра келгени атап өтилди.
Мәмлекетимизде пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин ҳәр тәреплеме қорғаў, гендер теңлигин тәмийинлеў, билимлендириўдиң сапасын арттырыў ҳәм ғалаба хабар қуралларының ролин буннан былай да күшейтиў бойынша алып барылып атырған жумысларға жоқары баҳа берилди.
Өзбекстан қолға киргизип атырған табыслардың және бир айқын мысалы сыпатында мәмлекетимиз 2020-жыл октябрь айында БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине сайланғанын келтириў мүмкин.
Ушырасыўда тәреплер Өзбекстанда сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелиятын болажақ Өзбекстан Республикасы Президентиниң сайлаўын есапқа алған ҳалда жетилистириў бойынша конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириўден мәпдар екенин тастыйықлады. Тәреплерди қызықтырған басқа да мәселелер бойынша пикир алысылды.
Делегация ағзалары усы күни Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низомхўжаев пенен ушырасты.
Сөйлесиўде тәреплер 2019-жылғы парламентлик сайлаўлардың жуўмақлары бойынша ДИИҲБ усынысларын әмелге асырыў ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына таярлық көриў мәселелерин додалады.
Жуўмақлаўшы есабатта өз сәўлесин тапқан усынысларды таллаў, өз ўақтында улыўмаластырыў, сайлаў нызамшылығы ҳәм әмелиятта қолланыў, миллий нызамшылыққа тийисли усынысларды имплементациялаўды тәмийинлеў бойынша бир қатар шөлкемлестириўшилик ҳәм әмелий илажлардың көрилгени атап өтилди.
Быйыл 8-февральда «Сайлаў нызамшылығының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамның қабыл етилиўи ЕҚБШ Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросының усынысларының орынланыўы жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болды. Усы ҳүжжет пенен бир қатар нызамлар ҳәм Өзбекстан Республикасы Конституциясына өзгерислер киргизилди. Және бир әҳмийетли тәрепи – ДИИҲБ усынысларды есапқа алған алған ҳалда, Сайлаў кодексине өзгерислер киргизилгени атап өтилди.
Быйыл мәмлекетимиз турмысында әҳмийетли сиясий ўақыя – Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы болып өтеди. Усы сайлаўды принципиаллық жақтан жаңа сиясий, ҳуқықый ҳәм шөлкемлестириўшилик дәрежеде өткериў мәмлекетимиздиң турақлы және избе-из раўажланыўын тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли факторы болып есапланады.
Болажақ сайлаўда халықаралық бақлаўлар, соның ишинде, сырт мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер ўәкиллериниң қатнасыўы усы әҳмийетли сиясий илаждың улыўма тән алынған халықаралық принциплер менен ҳуқықый нормаларға муўапық өткерилиўине хызмет етеди.
Ушырасыўда ЕҚБШ ДИИҲБ директоры М.Мекаччи сайлаў системасында әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлайтуғынын билдирип, Өзбекстанға сайлаў процесин буннан былай да жетилистириўде жәрдемлесиўге таяр екенин атап өтти.
С.РАҲИМОВ,
ӨзАның хабаршысы