Президентке хат
Ҳүрметли Президент!
Мен усы жасыма шекем ҳеш жерге, ҳеш кимге хат жазбағанман, мүрәжат еткен емеспен. Бирақ кеўлимди толқынландырған бир жағдай мени усы хатты жазыўға ийтермеледи.
Өзим Сурхандәрьяның алыс аўылларының биринде жасайман. Турмысқа шыққанман, еки туўма майып перзентим бар. Зайыбым тиришилик тәшўишинде пайтахтқа кеткен. Мәўсимлик жумысларда ислеп, жеп-ишиўимизге ғана жететуғын пул жибереди. Мен болса жумыссызбан. Балаларымыздың денсаўлығы анық бир орында ислеўиме имканият бермейди.
Ата-анам қартайып қалған, туўысқанларым да өз турмысы менен бәнт. Усы ўақытқа шекем ҳеш бир ҳүжжетсиз, писпеген гербиштен салынған, адам үй деп айтыўға да уялатуғын гөне турақ жайда жасап келдик. Қолымыз келте екенлиги себепли, ҳәттеки дийўалларды да сыбай алмадық.
Быйыл қыстан нәрестелеримди үйдеги бар жапқышқа орап алып шықтым. Балаларым, жүрек баўырым, жанымның жартысы. Олардың жағдайы, көзиме мөлдиреп қараўы, өзимниң илажсызлықтан гүйзелип, неше түнлерди таңға жалғағанымды, тек ғана Өзине ғана жалынып-жалбарғанымды Жаратқан ийем биледи.
Дүньяда балаларының алдында шарасыз қалыўдан аўыр дәрт жоқ екен. Мен оны иш-ишимнен сездим. Дүнья көзиме қаранғы көринип, қайсы босағаға, кимниң аяғына бас урыўды билмей жүрген күнлеримде мәҳәлледен мени дизимге алып кетти. Кейин билсем, «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилген екенмен.
Көп өтпестен пайтахттан комиссия келди, шараятымды үйренди. Ашық айтаман, сол ўақытта да мен ҳеш нәрсеге түсинбегенмен, анығы, исенбегенмен. Бирақ жумыслар жеделлести. Баспанамызды ҳәмме ҳәўес ететуғын дәрежеде қайта қурып, оған қосымша, барлық үскенелери менен қолыма тапсырды. Бул үй балаларыңызға Президентимизден саўға, деп айтты.
Сол ўақытта ериксиз көзиме жас келди. Яқ, яқ… Бул қорлық емес, шүкиршилик көз жаслары еди. Алыс бир аўылда, тап ҳеш кимге керексиздей, өз дәртине өзи қуўрылып жасап атырған бир ҳаялдың кеўил түбинен шыққан көз жаслары. Мен артымда мени, перзентлеримди ойлап атырған, бизлер ушын жаны ашып қайғыратуғын, басымызды сыйпайтуғын адам бар екенинен кеўлимде мақтаныш сезими пайда болды, ийилген басым көтерилди.
Өмириме өзгерис алып кирген және бир хабарды айтпасам болмас. Маған жақында тигиў машинасын берди. Қолымда өнерим бар.
Енди үйде дәрамат табыў имканияты да туўылды. Енди мен де адамларға уқсап жасап атырман. Адамлар ҳәўес ететуғын дәрежеде үйим бар. Дәрамат ушын жумысым бар. Перзентлерим қасымда.
Ҳүрметли Президент!
Руқсат берсеңиз, Сизге бир перзент өз атасына ҳүрметин билдиргендей етип мүрәжат етсем. Сиз маған әкем, туўысқанларым ислей алмаған жақсылықты, бере алмаған меҳирди бердиңиз. Өмирге, жасаўға болған көзқарасларымды өзгерттиңиз.
Мен енди ҳеш қорықпай, қапа болмай жасайман. Мен таслап қойылмағанман, арқамызда Сиздей сүйенишимиз ҳәм меҳрибанымыз бар екенин билемен.
Ҳәммеси ушын миннетдаршылығымды қабыл етиң, ҳүрметли Елбасшым
Шексиз миннетдаршылық пенен, қызыңыз
Насиба АТАМУРОДОВА
Сурхандәрья ўәлаяты,
Алтынсай районы, «Шакар қамиш»
мәкан пуқаралар жыйыны