Мәмлекетимизде усы жылдың 1-апрелинен баслап ғалабалық шаншыў процесслери болып атыр. Көпшилик пуқараларымызда бир түрдеги вакцинаны алған наўқас кейинги басқышларда басқа да вакцинаны алыўы мүмкин бе, деген сораў туўылмақта.

Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Коронавирусқа қарсы гүресиў штабының ағзасы Севара Убайдуллаеваның атап өтиўинше, коронавирус инфекциясына қарсы шаншылып атырғанлар қайсы вакцинада шаншылған болса, барлық басқышларда усы вакцина менен шаншылыўы керек.

– Вакциналарды шаншыў тәртиби, олар ҳәр бир вакцинада түрлише болып есапланады, бул тәртиптиң сақланыўы әйне усы вакцина жәрдеминде организмде ең жоқары дәрежеде антиденешелердиң пайда болыў имканиятын береди, – деди С.Убайдуллаева. – Қандайда бир вакцинаны алып баслап, кейин екинши вакцина менен шаншылса, дәслепки алынған вакцина толық алынбаған болып, ол нәтийжесиз шаншыў деп баҳаланады.

 

Моҳигул Қосимова, ӨзА