Миллий баспасөз  орайында 26-аперль күни Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хызметиниң гезектеги брифинги болып өтти.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хаткери Шерзод Асадов өткен ҳәпте мәмлекетимиз  басшысының қатнасыўында болып өткен және усы ҳәпте күтилип атырған рәсмий илажлар ҳаққында ҒХҚ ўәкиллерине мағлыўмат берди.

Өткен ҳәптеде Президент Шавкат Мирзиёев «Uzbekistan airways» ҳәм «Uzbekistan airports» акционерлик жәмийетлерин трансформациялаў бойынша презентациялар менен танысты, хызмет көрсетиў тараўын раўажландырыў бойынша видеоселектор мәжилисин өткерди.

23-апрель күни Бангладеш Халық Республикасының елшиси Муҳаммад Жаҳонгир Аълам, Чехия Республикасының елшиси Вацлав Йилек, Египет Араб Республикасының елшиси Демия Зуҳайр Ҳаддод, Түркия Республикасының елшиси Олган Бекар, Европа Аўқамы делегациясының басшысы  Шарлотт Адриан ҳәм Россия Федерациясының елшиси  Олег Мальгиновтан исеним жарлықларын қабыл етип алды. Сондай-ақ, елимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Тәжикстан Республикасының  Айрықша ҳәм толық хуқықлы  елшиси Содиқ Имомийди  қабыл етти.

Мәмлекетимиз басшысы сол күни Ташкент қаласындағы жаңа кәрханалар ҳәм пайтахттағы абаданластырыў жумыслары менен танысты.

Брифингте бул илажларда тармақлар ҳәм аймақларды раўажландырыў бойынша енгизилип атырған жаңалықлардың әҳмийети, халқымыз ушын мүнәсип  шараят жаратыўдағы абзаллықларына айрықша итибар берилди.

Шерзод Асадов бул ҳәптеде қурылыс материаллары санаатын раўажландырыў бойынша видеоселектор өткерилиўи, буннан тысқары, ҳәпте даўамында көп қабатлы  турақ жайларға хызмет көрсетиўди жетилистириў, аймақларда экономика тармақларының нәтийжелилигин арттырыў, темир жол транспорты системасындағы трансформация процесслерин жеделлестириў бойынша презентациялар өткерилиўи күтилип атырғаны мәлим етилди.

Сондай-ақ, бул ҳәптеде Президент Шавкат Мирзиёевтиң Қытай Халық Республикасының Баслығы Си Цзиньпин ҳәм Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен сөйлесиўлери режелестирилгени атап өтилди.

 

ӨзА