Қарақалпақстанлы сабляшы Зайнаб Дайыбекова Ташкентте өткерилген жарыстың шешиўши басқышларында Таиланд, Гонконг ҳәм Қазақстан ўәкиллерин жеңип, алтын медаль ҳәм Олимпиада жолламасын қолға киргизген еди.
Әҳмийетли тәрепи, қарақалпақстанлы спортшы Өзбекстанның сабляшы қызлары арасында Олимпиадада қатнасатуғын биринши спортшы сыпатында тарийхқа кирмекте.
Өзбекстан Миллий олимпия комитети спортшының Олимпиада жолламасын қолға киргизиў мәўритлеринен фоторепортаж таярлады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.