Өзбекстан халықаралық ислам академиясы халықаралық Times Нigher Education (THE) рейтинг агентлигиниң 2021-жыл ушын жәрияланған «Impact Rankings» рейтинг тараўы бойынша биринши 1000 орындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң дизимине кириўге муўапық болды.

Академия баспасөз хызметиниң мағлыўматлары бойынша, Times Нigher Education (THE) рейтинг агентлигиниң «Impact Rankings» рейтинги жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўда қаншелли табысқа ерискенине баҳа береди.

Әмелге асырылған жумыслар, илимий мақалалар, излениўлер ҳәм ерисилген жетискенликлер ҳаққында мағлыўматлар рейтинг агентлигине усынылады.

Усы мағлыўмат ҳәм фактлер рейтинг агентлиги тәрепинен тексерилип, оның ашық-айдынлығы үйрениледи. Жуўмағында билимлендириў мәкемелериниң Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ушын қосқан үлеси бойынша рейтинги жәрияланды.

Өзбекстан халықаралық ислам академиясы әмелге асырылған жумыслардың дәслепки нәтийжеси сыпатында «Саламатлық ҳәм абаданлық», «Билимлендириўдиң сапасы», «Гендер теңлик», «Мүнәсип жумыс шараяты ҳәм экономикалық өсиў», «Санаат, инновация ҳәм инфраструктура», «Теңсизликти қысқартыў», «Турақлы қалалар ҳәм аймақлар», «Тутыныў ҳәм өндиристеги жуўапкершилик», «Климат өзгериcин жақсылаў бойынша жумыслар», «Тынышлық, әдиллик ҳәм күшли мәкемелер» сыяқлы көрсеткишлер бойынша абырайлы мың жоқары оқыў орынлары қатарында тән алынды.

Хақыйқатында да, мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 8-октябрьдеги «Өзбекстан Республикасы жоқары билимлендириў системасын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманы тийкарында елимизде жоқары билимлендириўди системалы реформалаўдың тийкарғы бағдарлары белгиленип, заманагөй билим ҳәм жоқары руўхый-әдеп-икрамлылық пазыйлетлерине ийе, еркин пикирлейтуғын жоқары маман кадрлар таярлаў процесин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, жоқары билимлендириўди модернизациялаў, алдынғы билимлендириў технологияларына тийкарланған ҳалда социаллық тараў ҳәм экономика тармақларын раўажландырыўға тийкарғы әҳмийет қаратылмақта.

Пәрман бойынша елимиздеги бир неше жоқары билимлендириў мәкемелерин халықаралық тән алынған шөлкемлер рейтингиниң 1000 лық дизимине киргизиў бойынша қатаң илажлар көрилмекте.

Өзбекстан халықаралық ислам академиясы ерискен жетискенлик буннан кейинги ўазыйпаларды және де нәтийжели әмелге асырыўға шақырады.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы