Инсан ҳүқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры Акмал Саидов Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў шөлкеминиң әмелдеги баслығы, Швеция Патшалығы сыртқы ислер министри Анн  Линде менен ушырасты.

Инсан  ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы баспасөз хызметиниң мағлыўматына бола, ушырасыўда инсан ҳуқықлары тараўындағы өз-ара  бирге ислесиўдиң перспективадағы бағдарлары додаланды.

Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайының директоры  ҳүрметли мийманға Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий стратегиясын әмелге асырыў бағдарындағы жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Сондай-ақ, гендер теңлик ҳәм жаслар сиясатының тийкарғы бағдарларына байланыслы жумыс нәтийжелерине тоқтап өтилди.

ЕҚБШның әмелдеги баслығы, Швеция Патшалығы сыртқы ислер министри А.Линде Өзбекстанның БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесине ағза болғаны менен қутлықлап, инсан ҳуқықларына байланыслы басламаларды  алға қойыў бағдарында табыслар тиледи. ЕҚБШның әмелдеги басшысы Өзбекстан Республикасында алып барылып атырған гендер  сиясаттың тап усы жәмийетлик-сиясий турмыста ҳаял-қызлардың роли ҳәм абырайын арттырыўға  қаратылғанын  да жоқары  баҳалады.

Өз-ара сөйлесиў даўамында ЕҚБШ менен бирге ислесиў ҳәм еки тәреплеме өз-ара қатнасықлардың имканиятларына итибар қаратылды. Биргеликтеги  жойбарлар, соның ишинде, институционаллық раўажланыў жойбарларын әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Мийманларға Инсан ҳуқықлары бойынша Өзбекстан Республикасы Миллий орайы ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларының муўапықластырыўшысы менен биргеликте баспаға таярланған ҳәм басып шығарылған жаңа китаплар  усынылды.

 

Назокат УСМОНОВА,

ӨзАның хабаршысы