Конституция ең алды менен инсан ҳуқықлары ең жоқары қәдирият екенлигин аңлатыўшы, еркинликлерин беккемлеўши ҳәм кепиллеўши, сондай-ақ, жәмийетлик структура тийкарларын, басқарыў формасы ҳәм мәмлекетлик дүзим тийкарын, олардың ўәкилликлери ҳәм өз-ара қатнасықларын белгилейтуғын тийкарғы ҳүжжет есапланады.

Қарақалпақстан Республикасының конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XII шақырық  XII сессиясында қабыл етилди. Жеделлик пенен раўажланып баратырған заман талабы ҳәм халық мәплеринен келип шыққан ҳалда Қарақалпақстан Республикасы Конституциясына 1994-жылы 26-февральда, 1995-жылы 31-октябрьде, 1997-жылы 15-декабрьде ҳәм 2003-жылы 12-ноябрьде болып өткен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси сессияларында өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, ол ҳәзир 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Конституцияның тийкарғы мәниси инсан ҳәм пуқара ҳуқықларын, еркинликлерин, мәмлекет суверенитетин қорғаў, соның менен бирге, республика пуқараларына  ылайықлы турмысты, парахатшылық ҳәм миллий келисимди тәмийинлеў болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясында Қарақалпақстан Республикасына өз алдына бап ажыратылып, оған конституциялық-ҳуқықый статус берилген. Себеби, Қарақалпақстан Республикасы Өзбекстан Республикасы қурамына киретуғын суверен демократиялық республика.

Соның тийкарында Қарақалпақстан Республикасы өзиниң Конституциясына ийе болып, ол ең жоқары юридикалық күшке ийе. Конституция мәмлекетимиздиң көринисин, оның экономикалық, социаллық, сиясий системасын белгилейди. Соның менен бирге, барлық тараўларда әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳуқықый тийкары болып хызмет етпекте.

Соны айтып өтиӯ орынлы, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 18-статьясында, Қарақалпақстан Республикасында жасаўшы пуқаралардың барлығы бирдей ҳуқықлар менен еркинликлерге ийе екенлиги, олардың нызам алдында теңлиги айрықша белгилеп қойылған.

Еркинлик ҳәм бахтымыз тымсалы саналған конституциямыздың ҳәр бир статьясы өзинде жоқары инсаныйлық принциплерин жәмлегенлиги ҳәм халықаралық улыўмалық инсан ҳуқықлары ҳаққындағы нормаларға сәйкес келиўи менен әҳмийетли. Әлбетте, биз өткен дәўир ишинде қандай үлкен табысларға ерискен болсақ, бәринен бурын инсан хуқықлар менен еркинликлерин толық тәмийинлеўге қаратылған муқаддес ҳүжжет – Конституциямыз турғанлығын мақтаныш етемиз.

Сонлықтан, Конс­титуцияны оқыў, үйрениў, оның мәнисин терең аңлаў, белгиленген ҳуқықлардан дурыс пайдаланып билиў ҳәр биримиздиң  ўазыйпамыз есапланады.

Сәне мүнәсибети менен пүткил  халқымызды тийкарғы Нызамымыз қабыл етилгенлигиниң 28 жыллық байрамы менен шын жүректен қутлықлайман, шаңарақларыңызда аман-есенлик, мәмлекетимиз еле де гүллеп раўажланыўы жолындағы ийгиликли ислеринде табыслар тилеймен.

 

Мухтар ИБРАГИМОВ,

 Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасыныӊ депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт

мәселелери комитети ағзасы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги