Қарақалпакстан   Республикасы  Конституциясы қабыл етилгенине 28 жыл толыўы мүнәсибети менен Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалында ушырасыў болып өтти.  

Ушырасыўда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты  Ш,Өтемисов, Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының бөлим баслығы М.Нуратдинов, Экономикалық суды судьясы Г.Ешназаровалар шығып сөйлеп, Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген сәне халқымыз елимизде еркин демократиялық пуқаралық жәмийетин, ҳуқықый мәмлекетти қурыў жолында исенимли қәдем таслаған күн сыпатында ҳәр жылы салтанатлы түрде белгилеп киятырғанлығын атап өтти.

Сондай-ақ, баянатларда Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы  қабыл етилиўиниң тарийхый әҳмийети, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысымыздың демократиялық раўажланыў жолларын көрсетип бериўши, миллий ҳуқық системасының негизин салыўшы нызам, халықаралық ҳуқықтың улыўма тән алынған қағыйдаларына сәйкес тарийхый ҳуқықый ҳүжжет екенлиги ҳаққында мағлыўматлар берилип, Конституцияны турақлы үйренип барыў ҳәм терең билиў әҳмийетли екенлигине итибар қаратты.

Ушырасыў даўамында студент-жаслар өзлерин кызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги