Усы жыл 24-март күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары  шеңберинде  быйыл әмелге асырылатуғын жумысларды додалаў бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен мәҳәллелердиң абаданлығы ушын исленип атырған жумыслар атап өтилген еди.  

Мәмлекетимиз тәрепинен мәҳәллелерди раўажландырыў бойынша бағдарламалар шеңбериндеги жумысларға жәми 21 триллион сум қаратылатуғыны  атап өтилди. «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» дегенде, тек ғана олардың жолы ямаса көринисиниң жақсыланыўы емес, ал, сол жерде жасайтуғын халықтың дәраматларының көбейиўи, социаллық объектлердиң толық ислеўи керек екенлиги түсиниледи.

Ең тийкарғысы, ҳақыйқый абат мәҳәлледе «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар» ҳәм «Жаслар» дәптерлери  болмаўы тийис. Оның ушын, исбилерменлер менен мәсләҳәтлесип, өндиристи шөлкемлестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыў зәрүр.

Жумсалған ҳәр бир инвестиция қаржылары адамларымызға үш есе көп пайда келтириўи, олардың дәраматын арттырыўға хызмет етиўи керек.

Өткерилген видеоселектор мәжилисинде  мәмлекетимиз басшысы сиясий партиялардың баслықлары ҳәм аймақлардағы жергиликли Кеңес баслықлары  бул бойынша әмелге асырылыўы керек болған жумысларды  сайлаўшыларға жеткериў кереклигине тоқтап өткен еди.

Усыдан келип шығып депутатлардың бул процесслерде белсене қатнасыўын тәмийинлеў белгилеп алынды.

Ҳәзирги ўақытта,  «Депутат  мәҳәлледе  – машқалалар  шешиминде»  жойбары  шеңберинде  депутатлар халық пенен ушырасып, мәҳәллелердеги  «Темир дәптер»,  «Ҳаял-қызлар» ҳәм «Жаслар» дәптерлерине кирген шаңарақлар, оларды қыйнап атырған социаллық машқалалар бойынша үйрениў жумысларын баслап жиберди.

 

Насиба Төремуратова,

 ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң бөлим баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.