Бурын хабар етилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Венгрия Бас министри Виктор Орбан 29-март күни рәсмий сапар менен елимизге келди.

Сапардың тийкарғы илажлары 30-март күни Көксарай резиденциясында болып өтти.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Виктор Орбан тар шеңберде ушырасыў өткерди.

Президент Шавкат Мирзиёев мийманды елимизге сапары менен қутлықлап, бул сапар еки мәмлекет арасындағы байланысларда жаңа дәўирди баслап беретуғынын атап өтти.

Виктор Орбан елимизге келгенинен қуўанышлы екенлигин билдирип, Венгрия Өзбекстан менен бирге ислесиўди кеңейтиўден мәпдар екенин атап өтти.

Сөйлесиўде сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы-техникалық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўлардағы қатнасықларды раўажландырыў перспективалары додланды.

Тәреплер Өзбекстан-Венгрия қатнасықларын өз-ара исеним ҳәм кең шеңбердеги улыўма мәплерге тийкарланған стратегиялық шериклик дәрежесине көтериўге таяр екенлигин тастыйықлады. Узақ мүддетли бирге ислесиўди беккемлеў, өз-ара пайдалы жаңа тараўларды иске қосыў, исбилермен топарлар ҳәм аймақлар арасындағы байланысларды қоллап-қуўатлаўға келисип алынды.

Тәреплерди қызықтырған халықаралық ҳәм регионаллық мәселелер бойынша пикир алысылды. Тынышлық, қәўипсизлик ҳәм турақлылықты беккемлеў бойынша көз-қараслар ҳәм қатнаслардың улыўма  екени тастыйықланды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Венгрия Бас министри Виктор Орбан сөйлесиўлерди еки мәмлекеттиң рәсмий делегациялары қатнасыўында даўам еттирди.

Мәмлекетимиз басшысы пандемия шараятына қарамастан Венгриядан усындай үлкен делегация келгени өз-ара дослық ҳәм ҳүрметтиң беккем екенинен дәрек беретуғынын атап өтти.

Өзбек ҳәм венгер халықларын уқсас тарийхый тамырласлық, тығыз бирге ислесиў байланыслары бирлестирип келеди. Бүгинги күнде болса Венгрия Өзбекстанның Европадағы әҳмийетли шериклеринен бири болып есапланады. Биргеликтеги умтылыс ҳәм әмелий ислер нәтийжесинде бул шериклик жылдан-жылға беккемленип бармақта.

Кейинги төрт жылда еки мәмлекет арасындағы өз-ара саўда айланысының көлеми дерлик үш есеге өскен. Қыйын пандемия шараятына қарамастан, өткен жылы да бул унамлы динамика сақлап қалынған.

Исбилерменлер ҳәм аймақлар арасында тығыз байланыслардың жолға қойылғаны онда әҳмийетли фактор болмақта. Атап айтқанда, усы жылы февраль айында Будапештте экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның гезектеги мәжилиси ҳәм бизнес форумы өткерилген еди. Венгрия Бас министриниң сапары шеңберинде 29-март күни Ташкентте еки мәмлекет Исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилиси болып өтти.

Сөйлесиўде еки тәреплеме бирге ислесиў бағдарында еле иске қосылмаған жүдә үлкен имканиятлардың бар екени атап өтилди. Соның ушын тийкарғы итибар саўда-эконоимкалық, инвестициялық ҳәм финанслық байланысларды және де раўажландырыў мәселелерине қаратылды.

Президент Шавкат Мирзиёев еллеримиз арасындағы товар алмасыўды көбейтиў, саўда көлеминиң тең салмақлылығын теңлестириў, зәрүр өнимлерди өз-ара жеткерип бериўди көбейтиў керек екенлигин атап өтти.

Бул бойынша Будапештте шөлкемлестирилип атырған Өзбекстан-Венгрия саўда үйиниң имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Санаат кооперациясы – бирге ислесиўдиң және бир әҳмийетли бағдары болып есапланады. Венгрияның алдынғы тәжирийбеси тийкарында Өзбекстанда азық-аўқат санааты, фармацевтика, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, химия ҳәм машина қурылысы тараўларында жаңа жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды.

Аймақлар арасындағы байланыслар да раўажланбақта. Самарқанд ҳәм Жиззақ ўәлаятларында экономикалық ҳәм социаллық тараўларды модернизациялаў, соның ишинде, аўыл хожалығын санаатластырыў, экспорт потенциалын арттырыў бойынша Венгрия тәжирийбесин қолланыў мөлшерленбекте. Усы мақсетте Венгриядан жоқары қәнигели экспертлер топары Өзбекстанға келди.

Мәмлекетимиз басшысы еки мәмлекет аймақлары арасында шериклик байланысларын орнатыў, ҳәр жылы Регионлар форумын өткериў усынысын билдирди.

Венгрия атом энергетикасы, фармацевтика, аўыл хожалығы, мийўелерди сақлаў ҳәм қайта ислеў, балықшылық ҳәм туқымгершилик тараўларындағы алдынғы тәжирийбе ҳәм технологиялар менен алмасыўға таяр екенлигин билдирди.

Ушырасыўда мәдений-гуманитарлық тараўлардағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине де үлкен итибар қаратылды.

Еллеримиз денсаўлықты сақлаў, илим ҳәм билимлендириў бойынша тәжирийбе алмасып келмекте. Ағымдағы оқыў жылында өзбекстанлы студентлер ушын Венгриядағы жоқары оқыў орынларында 100 ден аслам грант ажыратылған. 2021-жылы Ташкентте Дебрецен университети жумыс баслайды.

Бул тараўлардағы жумысларды избе-из даўам еттириў, илим ҳәм мәденият мәкемелери арасындағы байланысларды беккемлеўге келисип алынды.

Тәреплер Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңеси сыяқлы халықаралық ҳәм регионаллық структуралар шеңберинде де бир-бирин қоллап-қуўатлап келмекте.

Жуўапкерлерге сөйлесиўлерде ерисилген келисимлердиң орынланыўын толық тәмийинлеў ушын «жол картасы»н ислеп шығыў бойынша көрсетпе берилди.

Сөйлесиўлер жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Бас министр Виктор Орбан Өзбекстан Республикасы менен Венгрия арасындағы стратегиялық шериклик ҳаққындағы биргеликтеги декларацияға қол қойды.

Сондай-ақ, сапар шеңберинде көп қырлы шерикликти кеңейтиўге қаратылған 10 нан аслам ҳүжжетке қол қойылды. Олар Аймақлараралық бирге ислесиў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисим, Сыртқы ислер уйымлары арасында  2021-2023-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы, Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты менен Венгрия Сыртқы ислер ҳәм саўда министрлиги арасында аңласылыў меморандумы, Мийнет қатнасықлары тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим, Атом энергетикасы тараўында кадрлар таярлаўда бирге ислесиў ҳаққында, Инновациялар тараўында бирге ислесиў ҳаққында аңласылыў меморандумлары, мәденият тараўында бирге ислесиў бағдарламасы, Аўыл хожалығы, азық аўқат өнимлери ҳәм шарўашылық тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша «жол картасы», Суў хожалығы тараўында бирге ислесиў ҳаққындағы шекленген келисимлер болып есапланады.

Мәресимде еки мәмлекет министрликлериниң басшылары қол қойылған ҳүжжетлерди алмасты.

Сапар шеңберинде Өзбекстанда Дебрецен университетиниң билимлендириў бағдарламаларын әмелге асырыў ҳаққындағы келисимге де қол қойылды.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёев кейинги жыллары Венгрия менен қатнасықлар жедел раўажланып, сапа жағынан жоқары басқышқа көтерилгенин атап өтти.

– Бүгин ашық ҳәм әмелий руўхта болып өткен сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстан-Венгрия қатнасықларының дерлик барлық бағдарларын ҳәр тәреплеме додаладық. Биринши гезекте экономикалық бирге ислесиў мәселелерине айрықша итибар қараттық. Соңғы төрт жылда товар алмасыў дерлик үш есеге өскен. Бул көрсеткишти келешекте бир неше есеге арттырыў нийетиндемиз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Оның ушын еки мәмлекет базарларына өнимлер жеткерип бериўди кеңейтиў, санаат кооперациясын күшейтиў, фармацевтика, аўыл хожалығы, шарўашылық, балықшылық, картошка жетистириў ҳәм басқа да тараўларда анық жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынғаны айтылды.

Сапар шеңберинде еки мәмлекет Исбилерменлер кеңесиниң биринши мәжилиси нәтийжели өткени, көплеген келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылғаны айтып өтилди.

Еки мәмлекеттиң барлық аймақларын жедел тартқан ҳалда, ҳәр жылы Регионлар форумын өткериўге қарар етилгени атап өтилди.

Бас министр Виктор Орбан Өзбекстан Президентиниң ҳәрекетлери себепли еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың жедел раўажланып атырғанын айтып өтти.

– Венгрия менен Өзбекстан бирге ислесиўине тийкар бар еди. Бирақ биз саўда айланысын жүдә төмен дәрежеден баслаған едик. Ақылға уғрас сиясат ҳәм исеним есабынан товар алмасыўда өсиўге ерисилмекте. Президент Мирзиёевтиң басламалары менен бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлар ашылмақта. Бир неше «флагман» жойбарлардың нәтийжели әмелге асырылғаны ушын исбилерменлер еркинлик ҳәм исенимди сезинип, ҳәрекет етпекте, – деди Виктор Орбан.

Сондай-ақ, мийман өткен жылы коронавирус пенен байланыслы қыйын эпидемиологиялық жағдайда Венгрияға көрсеткен жәрдеми ушын халқымызға миннетдаршылық билдирди.

Халықаралық ҳәм регионаллық мәселелери бойынша еки мәмлекеттиң көз-қараслары ҳәм қатнаслары уқсас және жақын екени және бир мәрте тән алынды. Венгрия тәрепи Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыў режелерини қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, билимлендириў тараўында байланысларды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды. Илим, мәденият ҳәм спорт тараўларындағы байланысларды жеделлестириўге де келисип алынғаны мәлим етилди.

Өзбек илимпазы Исоқ Иброҳим венгриялы белгили Ҳерман Вамберидиң досты ҳәм шәкирти болған, дерлик отыз жыл Будапештте жасап, илимий жумыс алып барған. Ол белгили венгер жазыўшысы Янош Аронның «Әжайып кийиктиң гүрриңи» шығармасын өзбек тилине аўдарған. Бул шығарма жақында мәмлекетимиз басшысының алғы сөзи менен Ташкентте басып шығарылды.

Мәмлекетимиз басшысы өзбек ҳәм венгер халықлары арасындағы тарийхый дослықтың айқын белгиси болған бул китапты Венгрия Бас министри Орбанға инам етти.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Бас министр Виктор Орбан Ташкент ўәлаяты Жоқары Шыршық районында шөлкемлестирилген Өзбекстан-Венгрия Картошка жетистириў илимий орайына келди.

Бул илимий мәкеме Венгрия аўыл хожалығы ҳәм тәбийғый илимлер университети менен биргеликте Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар системасы тийкарында шөлкемлестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул тармаққа айрықша итибар қаратқаны бийкарға емес. Картошка халықтың күнделикли пайдаланыў өнимлеринен бири болып есапланады. Оның сапалы ҳәм арзан болыўы ҳәр бир шаңарақтың абаданлығына тәсир етеди.

Картошкаға болған ишки базардың талабын қанаатландырыў ушын көп муғдарда туқым зәрүр. Өзбекстанда жылына орташа 80-90 мың гектар майданға туқым егилип, 2,9 миллион тонна картошка жетистириледи. Усыған қарамастан, жылына пайдаланыў ушын 200-300 мың тонна, туқым ушын 15-17 мың тонна картошка шеттен алып келинди.

Енди жаңа орай Венгриядан алып келинген кеселликке шыдамлы сортларды сынақтан өткериў ҳәм туқымлық картошка ислеп шығарыў менен шуғылланады. Бул жерде жергиликли ҳәм сырт ел сортларын шағылыстырыў арқалы картошка жетистириўдиң барлық басқышларында сапаны тәмийинлеўге қаратылған комплексли система ислеп шығылады. 50 ден аслам сортлар локализацияланып, картошка жетистириў генофонды жақсыланады.

Инновациялық усыллар нәтийжесинде 2021-2023-жыллары зүрәәтлиликти 30-50 процентке шекем арттырыў мөлшерленген.  2024-жылға барып 21 мың тонна туқымлық картошка жетистириў, бул бағдардағы импорттың орнын толық қаплаў мақсет етилген.

Буннан тысқары, бакалавр ҳәм магистрлердиң әмелияты, илимий кадрлар таярлаў бойынша бирге ислесиў, қәниге ҳәм фермерлер арасында маманлық арттырыў әмелиятының жолға қойылыўы режелестирилген.

Шавкат Мирзиёев ҳәм Виктор Орбан бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты.

Илимий орайда «in vitro», өсимликлер паталогиясы, картошканы сақлаў физиологиясы, сапаны қадағалаў бойынша лабораториялар шөлкемлестирилген. Үлгилер таярлаў, жетистириў ҳәм сақлаў ханалары заманагөй үскенеленген. Орайдың жумысын жолға қойыў ушын Венгриядан 4 илимий хызметкер келген.

Мәмлекетлимиз басшысы қәниге ҳәм жуўапкерлер менен сөйлести. Кадрлар таярлаўды кеңейтиў, дийқан ҳәм фермерлерди бул жерде оқытып, тараўдағы жетискенликлерди барлық аймақларға жеткериў зәрүр екенлигин атап өтти.

Мийманлар фермерлер ушын шөлкемлестирилген агрохызметлер орайын, елимиздиң аўыл хожалығында қолланылып атырған техника ҳәм технологияларды да көзден өткерди.

Уллы мәртебели мийман Ташкент қаласында венгриялы әскерий тутқынлар жерленген қойымшылықта болып, олардың ҳүрметине орнатылған естеликке гүл қойды. Сондай-ақ, пайахтымыздағы Рим-католик ширкеўине барып, ибадат етиў мәерсиминде қатнасты.

Венгрия Бас министри Виктор Орбанның елимизге рәсмий сапары даўам етпекте.

 

ӨзА